Президент Шавкат Мирзиёев 24-май күни аймақларда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алыўды кеңейтиў мәселелерин додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Балаларда мектепке шекемги жасында ақылый белсендилик артады, әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық қәсийетлер қәлиплеседи. Сол себепли мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша ҳәм шөлкемлестириўшилик, ҳәм мазмун жағынан көп жумыслар исленбекте.

Атап айтқанда, соңғы төрт жылда бақшалардың саны 5 мың 200 ден 18 мың 300 ге артты. Балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 2 есеге артып, 60 процентке жетти. Мәмлекет тәрепинен берилген имканиятлар менен жеңилликлердиң нәтийжесинде жеке меншик ҳәм шаңарақлық бақшалар да көбейди. Бүгинги күнде барлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде 1 миллион 700 мың бала тәрбияланбақта.

Бирақ, бул жумыслар еле жетерли емес.  53 районда бақшалар жетиспейди. Мәселен, Сурхандәрья ўәлаятының Бандихон, Денов, Қумқурғон, Қашқадәрья ўәлаятының Чироқчи, Қамаши ҳәм Китоб, Ташкент ўәлаятының Янгийўл районларында қамтып алыў дәрежеси оғада төмен.

Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте тараўдағы усыған уқсас кемшиликлер көрсетип өтилди. Оларды сапластырыў, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўды және сапасын арттырыў мәселелери додаланды.

Бул 53 районда 34 мың орынға ийе 2 мың шаңарақлық бақша шөлкемлестириў илажлары белгиленди. Бундай бақшаларға қосымша жумысшы жаллаўға рухсат берип, қабылланатуғын балалардың санын еки есе арттырыў усынысы мақулланды.

Мәмлекетимиз басшысы ең баслысы тәлим-тәрбия мазмуны екенин атап өтип, шаңарақлық бақшаларға оқыў қолланба ҳәм методикалық материалларды бийпул жеткерип бериў ўазыйпасын қойды. Буның ушын мәмлекет тәрепинен жәми 30 миллиард сум ажыратылады. Сондай-ақ, бундай мәкемелерди зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў ушын 5 процент ставкада 30 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредитлер бериледи.

Алыс аймақларда мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўды кеңейтиўдиң және бир дәреги – мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы бақшалар болып есапланады. Бүгинги күнде бундай мәкемелерде бир бала ушын 50 процент қәрежетлер субсидияланып келинбекте.

Мәжилисте усы субсидия муғдарын 75 процентке жеткериў, жеке меншик бақшалардың электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ төлеминиң 50 процентин мәмлекетлик бюджеттен қаплаў бойынша көрсетпелер берилди.

Буннан тысқары, пандемия себепли толық қуўатлылықта ислемеген мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бақшаларының кредитлери бойынша тийкарғы қарыз төлеминиң мүддети де жыл ақырына шекем созылды.

Мәмлекет тәрепинен жаңа бақшалар қурыў жумыслары да даўам еттирилмекте. 2021-2022-жылларда 23 районның алыс ҳәм шетки аймақларында 50 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин қурыў режелестирилген. Буның ушын қамтып алыў дәрежеси ең төмен ҳәм балалардың саны 250 ден артпаған 50 мәҳәлле сайлап алынған.

Президентимиз усы бақшаларды алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында қурыў, заманагөй үскенелер ҳәм қолланбалар менен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң 12 мың хызметкерин оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша қысқа мүддетли курслар шөлкемлестирилетуғыны атап өтилди.

Өз жумысында немқурайдылыққа жол қойылғаны ушын мектепке шекемги билимлендириў министриниң биринши орынбасары лаўазымынан азат етилди. Министрдиң басқа да орынбасарлары ҳәм министрликтиң барлық аймақлық басқармаларының баслықлары өз ўазыйпасын атқарыўшы дәрежесине түсирилди. Олардың өз лаўазымына ылайық екенлиги кейинги жумысының нәтийжелилигин таллаў тийкарында көрип шығылатуғыны белгиленди.

 

ӨзА