Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы ҳәптеде алыс ҳәм шетки аймақларда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў бойынша презентация менен танысады, сондай-ақ, «Өзагрохимия» жәмийети системасын реформалаўға байланыслы мәжилис өткерилиўи күтилмекте.

Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов 24-май күни болып өткен дәстүрий брифингте мәлим етти.

Оның атап өтиўинше, Президенттиң қатнасыўында бул ҳәптеде аймақларда ипотека бағдарламаларын әмелге асырыў, көп квартиралы турақ жайлар массивлерин қурыў, оларды инфраструктура менен тәмийинлеў және хызмет көрсетиў системасын жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилиўи мөлшерленген.

Сондай-ақ, ҳәпте ақырында турақлы раўажланыў мақсетлерин қаржыландырыў бағдарламасының орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў бойынша кеңейтилген мәжилис болыўы күтилмекте.

– Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 30-май күни Қубла Корея пайтахты Сеул қаласында видеоәнжуман түринде болып өтетуғын 2030-жылға шекем «жасыл» раўажланыў ҳәм глобал мақсетлер ушын шериклик Екинши халықаралық саммитинде шығып сөйлейди,-деди Шерзод Асадов.

Президент баспасөз хаткери режелестирилген илажлар кестесинде өзгерис болса, олар ҳаққында кейинги брифингте, әлбетте, хабар берилетуғынын мәлим етти.

 

ӨзА