Бүгин Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Нигматович Арипов 60 жасқа толды!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық, мәмлекетлик уйымлардағы  көп жыллық пидайы мийнети, елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў ҳәм экономикалық қүдиретин жоқарылатыў, әҳмийетли стратегиялық жойбарларды турмысқа енгизиў бағдарындағы үлкен хызметлери, ибратлы мийнет жолы ҳәм туўылған күниниң 60 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов «Фидокорона меҳнатлари учун» ордени менен сыйлықланды.

Усы мүәнсибет пенен Абдулла Нигматовичти қызғын қутлықлаймыз ҳәм беккем денсаўлық, тынышлық-аманлық, бахыт-ығбал, жуўапкерли мәмлекетлик лаўазымдағы жумысына жаңа табыслар тилеймиз.

 

ӨзА