Елимизде аймақларды жедел раўажландырыў, халықтың жасаў шараятын түп-тийкарынан жақсылаў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыўға үлкен әҳмийет берилмекте. Олардың ҳақылы наразылықларына себепши болып атырған әҳмийетли машқалалары сапластырылмақта.
Халықты социаллық жақтан қорғаў күшейтилип, оларға мәнзилли жәрдемлер берилмекте. Усы бағдардағы жумысларда және экономика тармақлары жумысларының турақлылығын тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўда секторлардың орны айрықша.
Биз Нөкис қаласындағы 4-сектор тәрепинен өз аймағында усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар менен ҳәр бир тараў бойынша өз алдына танысып шықтық. Бул сектор мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлерине бириктирилген болып, аймақтағы 15 мәкан пуқаралар жыйынында, жәми 90 мыңнан аслам адам жасайды.
Аймақта нәтийжели жумыс ислеп атырған өндирислик кәрхана
Қолайлы бизнес орталығы исбилерменликти баслаўдың әҳмийетли факторы болып, усындай шараятларда жумыс ислеп турған өндирислик кәрханалар, саўда ҳәм хызмет көрсетиў орынлары пуқаралардың аўырын жеңил, узағын жақын етпекте.
Сектор аймағындағы “National house” ЖШЖ тәрепинен ҳәр қыйлы көлемдеги ыдысларға қадақланған ҳәм 9 басқышлы фильтрлениў процесинен өткен ишимлик суўы таярланып халыққа жеткерип берилмекте. Кәрханада 82 адам жумыс ислемекте. Соннан, 10ы сектор аймағында жасайтуғын жаслар болып есапланады. Әлбетте, суў тиришилик дәреги. Оны минералларға байытып, жоқары сапада таярлап халыққа жеткерип бериў бизиң тийкарғы мақсетимиз, дейди кәрхана жәмәәти.
– Колледжди тамамлағанымға еки жылдан аслам ўақыт болса да жумыссыз едим. Сонлықтан, «Жаслар дәптери»не киргизилгенмен. Жақында 4-сектор тәрепинен тазаланған ишимлик суўын таярлайтуғын кәрханаға жумысқа шақырылдым. Маған жумысым унайды, шараятлары да жақсы, өзим менен қатарлы жаслар менен бирге жумыс ислеп атырмыз,-дейди жумысшы жаслардың бири.
Кәрханада ишимлик суўынан басқа қурылыс ушын зәрүр болған бояў өнимлериниң 160, шпаклёвканың 100 ден аслам түрлери де ислеп шығарылады. Жәмийетке салық хызметкерлери тәрепинен «Салықшы исбилерменге көмекши» принципи тийкарында әмелий жәрдемлер көрсетилип келинбекте.
– Ҳәзирги ўақытта кәрханамызда 82 адам турақлы жумыс орны менен тәмийинленген. Салық уйымларының хызметкерлери бизге тараўдағы нызамшылықлар, ондағы өзгерислер менен жаңалықлар туўралы турақлы түрде түсиник жумысларын алып бармақта. Сондай-ақ, «Салықшы исбилерменге көмекши» принципи тийкарында салықларды есаплаў, есап-санақ қағазларын дурыс толтырыў және жеңиллетилген кредитлерди алыўда жақыннан жәрдем берип келмекте,-дейди исбилермен Серик Пирназаров.
Өндирис көлеминиң кеңейиўи жаңа жумыс орынларына тийкар жаратпақта
Исбилерменлик ушын қолайлы бизнес орталығының жаратылыўы өндирислик кәрханалардың артып барыўына кең мүмкиншилик жаратпақта.
«Қосбулақ» МПЖ аймағындағы «Эльбрус есиклери» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин буған бир мысал ретинде келтирип өтсек болады. Дәслеп жумысты еки адам менен, тек ағаш өнимлеринен есиклерди ислеп жумысын баслаған исбилермен, жаратылған шараят, қолайлық ҳәм жеңилликлерден пайдаланып кәрханасын және де кеңейтиўге еристи.
Бүгинги күнде бул жерде жәми 80 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Миллий ҳәм европа үлгилери тийкарында ислеп шығарылып атырған ҳәр қыйлы есиклер, темир дәрўазалар қараған көзди қуўандырады. Олардың сыртқы көриниси, беккемлиги сырт еллерде ислеп шығарылып атырған өнимлер дәрежесинде десек те болады.
– Кәрханамыз 2018-жылдан берли жумыс ислеп турыпты. Сектор басшылары тәрепинен исбилерменлик жумысымды баслаў пайытында жер ажыратылыўында, кредит қаржыларын алыўда үлкен жәрдем көрсетилди. Аймақтағы «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 7 ҳаялды және «Жаслар дәптери»не киргизилген 6 жасты жаңадан жумысқа алдым. Ҳәзирги ўақытта 300ден аслам есик, темир есик ҳәм дәрўазаларды ислеп шығарып атырмыз. Жақында Қытайдан жаңа үскенелерди алып келдик. Мебель өнимлерин ислеп шығарыўды да жолға қоймақшымыз. Усы жойбарымыз иске түсип кетиўи менен және 40 жаңа жумыс орнын жаратыўды режелестирмектемиз,-дейди исбилермен Баҳадыр Алламуратов.
Нөкис қаласындағы сектордан тысқары ең ири өндирислик кәрханалардың бири болған «Конкрет бюлд» ЖШЖ да ҳәзирги ўақытта 72 адам жумыс ислемекте. Жумысшылардың барлығы 4-сектор аймағында жасаўшылар болып есапланады. Кәрханада 123 түрдеги бетон өнимлери ислеп шығарылады.
Сондай-ақ, усы кәрхана тәрепинен «Жаслар дәптери»нде дизимде бар 25 жас кәсип-өнерге үйретиў мақсетинде 3 айлық курсларда оқытылмақта. Буннан гөзленген мақсет – жасларға қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў процесслерин теориялық ҳәм әмелий жақтан үйретиў болып есапланады.
– Биз ҳәзирги ўақытта оқыў орайында бетон өнимлерин таярлаў, олардың маркалары, суўға шыдамлылығы бойынша билим алып атырмыз. Әлбетте, маған бул оқыў курсларында алған билимлерим келешектеги жумысларымда жақсы қәниге болыўыма үлкен жәрдем береди,-дейди С.Шаўдырбаев.
«Жаслар дәптери»нде дизимде турған жасларға исбилерменлик жумысларын баслаўға жәрдем
Ҳәзирги ўақытта ҳәр бир мәҳәлледе қәлиплескен «Жаслар дәптери»нде ҳәр бир қыз-жигиттиң арзыў-нийети, машқалалары жәмленген.
«Бозаўыл» МПЖда да быйыл жасларға итибар үлкен. Усы тийкарда оларға зәрүр жәрдемлерди көрсетиў илажлары әмелге асырылмақта.
Мәселен, Миратдин Убайдуллаевқа да сектордың әмелий жәрдеми менен ыссыхана қурып берилди. «Жерди бақсаң, жер сени бағады», дейди дана халқымыз. Жерге қарап оған бар меҳирин берип атырған жас дийқан ыссыханасына еккен помидор, қыяр өнимлерин ишки базарларымызға шығарып сатып, шаңарағына қосымша дәрамат киргизбекши.
– Үйде жумыссыз отырғанлықтан, сектор басшыларына жумыс сорап мүрәжат еткен едим. Балалығымнан дийқаншылыққа қызығатуғын едим. Сектордың жәрдеми менен ыссыхана қурып берилди. Ҳәзир бул жерге помидор ҳәм қыяр егинлерин ектим,-дейди М.Убайдуллаев.
«Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәрекетте
«Қумбыз аўыл» МПЖдағы «Ҳаял-қызлар дәптери»не дизимге алынған ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде тигиў машиналары және ҳәр бир шаңараққа 10 таўықтан жеткерип берилип, өзлерин бәнт етиўге жәрдем көрсетилмекте.
Айзада Әсеноваға алдын қара малларды бағыў ушын да 4-сектордың басламасы менен жеңиллетилген кредит алыўға жәрдем берилген еди. Шаңарағына қосымша дәрамат табыўы ушын және 10 дана таўық тапсырылды.
– Үйде отырып та өзин-өзи бәнт етип, дәрамат табыўға болады екен. Алдын буған исенбейтуғын едим. Енди өзим буған гүўаман. Бүгин сектор басшылары маған және 10 дана таўық берди. Енди, усы таўықларды бағып көбейтип, шаңарағыма қосымша дәрамат табыўды нийет етип отырман,-дейди А.Әсенова.
Және усы аймақтағы Зийнет көшесинде жасап атырған Айтгүл Кеўнимжаева менен өмирлик жолдасы да жумыссыз еди. Тигиўшилик өнерин ол анасынан үйренген. Сектор тәрепинен оған тигиў машинасы тапсырылды. Сүйикли жумысы менен шуғылланыў имканияты пайда болып, ол сол күнниң өзинде жумысқа кирисип кетти.
– Перзентлерим де үлкейип қалды. Сектор басшыларына өзимниң тигиўшилик өнерим бар екенлигин, тигиў машинасын алып берсе, тигиўшилик пенен шуғылланатуғынымды айтып мүрәжат еткен едим. Мүрәжатым унамлы шешилип, маған тигиў машинасы берилди. Мине, бүгинниң өзинде буйыртпа қабыл еттим ҳәм жумыс басладым. Бул ушын сектор басшыларынан миннетдарман,-дейди А.Кеунимжаева.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги