Өзбек ҳәм тәжик халықларын әзелий дослық, жақын қоңсышылық қатнасықлары бир-бири менен байланыстырып турады. Қалаберди, бул еки миллет халқының мәденияты, үрп-әдети ҳәм дәстүрлери оғада уқсас. Сол себепли, олардың жақынлығы ҳәм нийетлериниң бирлиги жақсы қоңсышылық қатнасықларын қәстерлеп сақлаўда әҳмийетли фактор болмақта.

Бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Тәжикстан сиясий ҳәм экономикалық тараўларда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў жолынан бармақта. Бунда еки мәмлекет Президентлериниң мәмлекетлик сапарлары үлкен әҳмийетке ийе екенлигин айрықша атап өтиў зәрүр. Әсиресе, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 9-10-март күнлери Тәжикстанға мәмлекетлик сапары тек Өзбекстан-Тәжикстан бирге ислесиўин беккемлеў емес, ал Орайлық Азияда тынышлық, татыўлық және турақлы экономиканы тәмийинлеўде үлкен қәдем болды.

Соның ишинде, усы мәмлекетлик сапар шеңберинде өз-ара бирге ислесиўди сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм басқа да жетекши тараўларда раўажландырыўға байланыслы 27 ҳүжжетке қол қойылды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлери арасында  2002-жылы дүзилген Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссиясының жумысы әҳмийетли роль атқарып атырғанлығын атап өтиў зәрүр. Сондай-ақ, 2005-жылы Өзбекстан Республикасы  Саўда-санаат  палатасы ҳәм Тәжикстан Республикасы  Саўда-санаат  палатасы арасында қол қойылған бирге ислесиў  ҳаққындағы келисимге муўапық еки мәмлекеттиң исбилерменлери арасында да нәтийжели қатнасықлар жолға қойылған.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баспасөз хызметиниң мағлыўматына бола,  2017-жыл  11-октябрьде Ташкент қаласында еки мәмлекеттиң Саўда-санаат палаталары арасында исбилерменлер кеңеси шөлкемлестирилген еди. Бүгин бул платформа  Өзбекстан ҳәм Тәжикстан исбилермен топарлары арасында турақлы байланыс ушын шараят жаратпақта ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди жедделлестириўге жәрдем бермекте.

Жуўмақлап айтқанда, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимизде  исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға кеңнен имканиятлар жаратыў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарына айланбақта. Бул процессте  қоңсы ҳәм сырт ел исбилерменлери менен саўда-экономикалық қатнасықларды беккемлеў оғада әҳмийетли есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының быйылғы жылдың июнь айында Тәжикстан Республикасына күтилип атырған мәмлекетлик сапары еки мәмлекет Саўда-санаат палаталары арасындағы қатнасықларды бүгинги күн талабы  дәрежесинде шөлкемлестириўде және бир қолайлы пурсат болып есапланады.

 

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы