Бүгинги күнде реформаларды нәтийжели түрде әмелге асырыў ушын  видеоселектор мәжилислеринде, қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларда ҳәр бир басшы алдына, соның ишинде, сектор басшыларына да бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилмекте.

Соның ишинде, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не дизимге алынғанлар менен ислесиў, олардың машқалаларын өз ўақтында шешиў, бәнтлигин тәмийинлеў, аймақларды абат етиў бойынша белгиленген ўазыйпаларды атап өтсек болады. Усы бағдарда Әмиўдәрья районындағы 4-сектор тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар қай дәрежеде?

Әмиўдәрья районы мәмлекетлик салық инспекциясы, яғный, 4-сектор аймағында 2 аўыл ҳәм 6 мәкан пуқаралар жыйыны болып, онда 6750 хожалықта 32224 адам жасайды. Соның 7160ын жаслар, 6209н ҳаял-қызлар қурайды.

– Сектор тәрепинен усы жылдың 4 ай даўамында бир қатар жумыслар әмелге асырылды,-дейди сектор басшысы Айдос Сейтов. – Сектор тәрепинен аймақты үйме-үй жүрип үйрениў нәтийжесинде, 312 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не, 1073 жас «Жаслар дәптерине» дизимге алынған. Ҳәзирги күнде олардың машқалаларын шешиў, турмысын жақсылаў жумыслары алып барылмақта. Олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке бағдарлаў, кәсиплик шеберлигин арттырыў арқалы кәсип-өнер үйретиў жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.

«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»нде дизимде турған пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде «жол карта»сы ислеп шығылған.

Оған тийкарланып аўыл хожалығы тараўында 94, исбилерменлик тараўында 207, өзин-өзи бәнт етиў бойынша 204, мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда 71, қәнигелиги бойынша 100 жастың бәнтлигин тәмийинлеў және жеңиллетилген кредит алыўды қәлеўши 83 жасқа 1 миллиард 820 миллион сум муғдарында кредит ажыратыў бегиленген.

Усы күнге шекем 197 жас жумысқа орналастырылды. Сондай-ақ, 321 жасқа «Ҳәр бир жасқа бир гектар» жойбары тийкарында аўыл хожалығы жер майданлары ажыратып берилди. 22 жасқа исбилерменлик жумысын баслаў ушын жеңиллетилген кредит алыўына жәрдем көрсетилип, 10 жас кәсип-өнерге оқытылды.

«Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 139 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Сектор аймағына қараслы Ташиев МПЖда жасаўшы Айсәнем Қуўатбаева 2006-жылы бағыўшысынан айрылғанынан берли қол ушы талапларды ислеп, еки перзентин бағып келген.

Өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде мәмлекетимиз тәрепинен оған субсидия есабынан бийпул тигиў машинасы берилген. Үйрениўлер алып барылып оған және аймақтағы фермер хожалықларының биринен 20 сотых егислик жер майданы берилетуғын болды.

– Мен 2006-жылдан берли еки улым менен қалғанман,-дейди А.Қуўатбаева. – Усы күнге шекем еки перзентимниң напақа пулын алып отырдым.

Енди балаларым ержеткени ушын оларды үйли-жайлы етиў нийетим бар. Өзим тигиўшиликке қызығаман, Бирақ тигиў машинам жоқ еди. Маған тигиў машинасын бергени ушын оға да миннетдарман. Буннан басқа егислик жер де берип атыр. «Ҳаял-қызлар дәптери»нен шықтым, әсте-әсте жетисип атырмыз. Бул ушын Президентимизден ҳәм район басшыларынан миннетдармыз.

Өз исбилерменлигин кондитерлик өнимлерди үйде таярлаўдан баслаған, «Чордора» МПЖда жасайтуғын Динара Исламова алдын «Жаслар дәптери»нде дизимде турған. Сектор жәрдеми менен жеңиллетилген кредит алып, кондитерлик цехын ашып және 4 жасты жумыс пенен тәмийинлеген.

Сондай-ақ, усы МПЖда жасайтуғын Жавоҳир Қудияровқа да кредит мәселесинде жәрдем көрсетилди.

– Сектор тәрепинен маған жеңиллетилген кредит ажыратылыўына жәрдем көрсетилип, усы қаржыға нәсилли қара малларды сатып алдым. «Жаслар дәптери»нен шықтым.  Нәсилли қара маллар күнине 14-15 литр сүт береди. Оны сатып шаңарағыма дәрамат таўып атырман,-дейди Ж.Қудияров.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги