Даўамы

Мәтен шайыр (Сейтниязов) жазған «Ўатан гедайысы» поэмасындағы бас қаҳарман, (прототипи) Қыдыр Алланияз (Өзлери аты-фамилиясын қолайлап айтыў ушын усылайынша ықшамлап алған) ҳаққындағы қосық қатарларына уйқаспаған ашшы ҳақыйқатлықлар…

 Қырық  жыллық  айралықтан  соңғы  табысыў…

Қыдырнияз изин ала өз мүмкиншилигине қарай елине туристлик сапар менен еки жылда бир мәрте арқайын келип-кетиўине мүмкиншилик алады. Туўысқан иниси Өтенияздың турист сыпатында Германияға барыўына жәрдемлескен. Ҳәр келгенде ағайин-туўғанларының ҳеш бирин бос қоймай сарпайлап, саўғалар әкеледи. Немислердиң сулыў ҳәм ықшам, сапалы тигилген, тозбайтуғын кийим-кеншеклерин бирнеше жыл қуўана кийип жүрискен.

Соңғы сапары, жүрегинде қыспалап сақлаған бир әрманына жетиў ушын бесигинде атастырылып, урысқа тәнҳа шығарып салған Амангүлин излейди. Бахтына жақын дөгеректеги аўылда жасайды екен. Сүйиўшиликтиң қүдиретли күшин қоя бер, ушырасар пайытлары баладай албырапты. Бир-бирлерине тигилисе қарап, қанша ўақыт турғанларын ким билсин, жигит: «Амангүл!», қыз болса «Қыдырнияз!»лап бақырғанларын билмей қалысады. Қасындағылардан тартынбай, бир-бирлерине умтылысқанда қушақларын жаздырыса алмай турысыпты.

Қыз жигиттиң бийдәрек кеткенин еситсе де, тирилигинен гүдер үзбей, урыс тамам болса да үш-төрт жылға шекем күтип жүреди. Нәйлаж, қоңсы аўылдағы урыстан майып болып келген жигитке турмысқа шығады. Онлаған жыллықта ғаррысы өлип, бир ул, бир қызынан өсип-өрбиген ақлық-шаўлықлары менен жасап атырғанын билди.

Аўылласлары немис ҳаялы Эльза жөнинде сораса: «Бир аўыз сөз бенен айтсам, теңи-тайсыз, дүньядағы ең жақсы адам. Өлген жеримнен тиришилигимди сақлап қалған инсанға садық қаламан» деген жуўабына кеўли толады.

Эльзаға өз халқының үрп-әдетлерине қоса қосық, ертек, жаңылтпаш, жумбақларын тынымсыз үйретип барады. Ерли-зайыплылар бийперзент болса, кәраматлы орынларға сыйынып, дәрья атлағаны, қоныс өзгертиў сыяқлы ырымларын орынлап, жақын туўысқанларынан ул-қыз алып сақлаўдай дәстүрин қатты унатып қалады. Елге бир келгенинде Өтенияз инисиниң Жаңабай исмли ересек баласын өз атларына өткерип алыўға келисип, соңғылықта бирге жасап, өзлери тәрбиялаўды алдыларына мақсет етип қойғаны менен әрманларына жете алмайды.

l990-жылдың сентябрь айында елге қайтып келе алмасын билгендей, ата-анасының басларына зыяратлап, қысым-қысым топырақ алып, туўысқанлары менен қыймай хошласқан. Арадан санаўлы айлар өткенде ҳаялы Эльзадан қайғылы хабар алады.

Ҳүрметли Қыдыр Алланияздың туўғын-туўысқанлары! Маған өмирлик жолдас, сизлерге туўысқан Қыдыр Алланияздың урыста алған аўыр жарақатлары зардабынан қайтыс болғанын хабарлап, терең қайғырыў менен кеўил айтаман.

Қыдыр Ўатанынан кеселленип келди, врач шақыртқанымыз бенен шыпасы түспей, июль айында аўҳалы күннен-күнге аўырласқаннан соң емлеўханаға жатқардым. Қайтыс боларынан бир ҳәпте бурын өзин жақсы сезине баслағаннан үйде үш күн дем алып кетти. l99l-жылдың 23-август күни түнги саат 03:00де емлеўханада жан тапсырды. Сизлерге бул қайғылы хабарды кешиктирип, октябрь айында жеткергеним ушын кеширим сорайман. Анық адресиңизди билмедим. Қыдырдиң қырқында жақыннан қатнасатуғын доктор Ахмедов адресиңиз жазылған конвертти хат арқалы жибергенше қымбатлы ўақытларымызды өткерип алдық.

Қыдырдиң жеке өзине тийисли, пүткиллей жарамсыз затларын посылкаға салмақшы болғаным менен почта хызметкерлери гөне болғаны ушын қабыл етпеди. Таза ўәжлерин Ўатанына өзи алып кеткен еди. Жерлеў мәресимине l5.000 немис маркасы жумсалды. Напақа пулым азлығына қарамай, соңғы сапарында жетер-жетпесинлик болмады. Сизлерге қойымшылықтағы қәбир басына қойылған қулпы тасты ҳәм жыназаға қатнасыўға тийисли адамларға жиберилген шақырыў хатлары үлгисин естеликке жибериўди мақул көрдим.

Усы хат қолларыңызға жетип барыўы ушын анық адреслериңизди конверттиң сыртына жазып беретуғын адам излеўиме туўра келеди. Және бир мәрте терең қайғырыў менен кеўил айтыўшы келиниңиз Эльза.

Адресимиз: Қыдыр Алланияз, Сапал көшеси 7.

  1. Мюнхен – 50. Батыс Германия.

Арадан жыллар өтип, Эльзаның қайтыс болғанын қоңсылары  телеграмма арқалы хабарлайды.

Сөз төркини мәнис-мағаналы ­ сағыныштай сарғайған хатлар…

Дайымыз қашан қайтыс болғанша жазған хатларымның бирде-биреўин жуўапсыз қалдырмас еди. Елден шығып кеткенине қырық жылға шамалас ўақыт болса да таза қарақалпақ тилинде хат жазатуғынына ҳайран қалыстық. Әттең, хатларында тек аманлық-есенликти сорап ҳәм айтыў менен шекленгенде иши ғыж-ғыж қайнарын билер едик. Оның да себеплери айтпаса да түсиникли, хатлары қадағалаў астына алынып, оқыларын билген соң ҳеш кимге зыянсыз болыўын қәлеген шығар…

Аманлық хат. l974-жыл 8-ноябрь.

Көптен-көп дуўайы сәлем болсын, жарық дүньяға келип, киндик қаным тамған қарақалпақ елиниң алтын диярында жасаўшы туўысқанларымыз, Хожанияз ағамыздың урпақлары, қарындасым Перихан, жийеним Гүлжәҳәнлерге ара қанша алыс болса да кеўиллеримиз соншелли жақын дайыңыз Қыдырнияздан ҳәм сизлерге сый-ҳүрмети күшли болған Эльзадан деп билгейсиз.

Ал, қарақларым! Сизлердиң l4-ноябрьдеги хатыңыз 26-ноябрьде қолымызға тийди. Аманлық-есенлигиңизди билип, ўақтымыз хош болды. Бизлерди ядқа алып, хатлар жазып турғанларыңыз ушын жүдә миннетдармыз.

Перихан қарындасым билимин жетилистириў ушын пединституттың қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетине сырттан оқыўға киргенин билип қуўаныстық.

Бизлерден жай-жағдай сорасаңыз, жақсымыз. Қуданың берген денсаўлығының арқасында саў-саламат отырғанларымызға шүкиршилик етемиз. Жеңгеңиз бенен арнап естеликке сүўретке түстик, сизлерден де усындай сүўретлер күтип қаламыз. Хатларымызда қарақалпақшам жетиспей, қәтеликлерге жол қойсам кеширимли болсын, – деп дайыңыз Қыдырнияз, жеңгеңиз Эльза.

Аманлық хат. l979-жыл l0-ноябрь.

Сағынышлы сәлемлеримиз   күйеў баламыз Халмуратқа, туўысқан қарындасларым Перихан, Гүлжәҳәнлерге жолланады. Бизлерди сыйлап, хатлар жазғанларыңыз ушын рахмет. Оқыған сайын өзлеримизди араңызда жүргендей сезинемиз. Қарақларым, Нөкис қаласынан шығып кетеримде хошласыўға ҳеш болмаса биреўи келмеди-аў деп өкпелемедим. «Қапа болып кетти» деген ойларыңызды қыялларыңыздан шығарып таслаң. Жолда тосқынлықларға ушырамастан Эльза жеңгеңиздиң алдына жетип келдим.  Денлеримиз саў, ўақытларымыз хош, аманлықта ғайбана дийдарларыңызды көргенше, – деп хат жоллаўшы дайың Қыдырнияз, жеңгеңиз Эльза.

Аманлық хат. l980-жыл 23-ноябрь.

Ҳүрметли туўысқанларым! Өз елимде сизлер менен толы  дастурханды дөгереклеп ўақ-шақ болып отырған бахытлы демлеримди бәрқулла еслеп, жеңгеңизге барлығын айтып бердим.

Ҳүрметли жийеним Гүлжәҳән! Сизиң l5-декабрь, әкеңиз Халмурат, анаңыз Периханлардың 2l-декабрьдеги жазған сәлем хатларына қоса Өтенияз инимиздиң де жоллағанлары топ-тобы менен қолымызға тийгенине қуўаныстық.

Қарындасым Периханның институттағы оқыған мийнетлери күймей, жоқары мағлыўматлы дипломын алғаны менен шын жүрегимизден қутлықлағымыз келеди. Илайым, ҳадал мийнетлериниң нанын жесин, – деп сизлерди жақсы көриўши дайың Қыдырнияз, жеңгең Эльза.

Соңғы сөз орнына

­ Тиришилик етиў менен рәҳәтлене өмир сүрип жасаўдың арасында үлкен мағана бар. Жыллар өткен сайын Қыдырнияз дайымды көбирек ойлай беремен. Заманына ылайық, урыс көрмеген жаңа әўладлар дүньяға келди. Егер, бир адам өз Ўатанын қандай жақсы көрсе, дайымдай-ақ сүйип жасарына исенемен. Бәлким, пешанасындағы тутқынлықтың темир таңбасы жөнинде ҳәр тәреплеме ойлап көретуғын ўақыт жеткен сыяқлы. Келешек әўладларға сабақ болыўы ушын кеширимли болсақ, атлары ҳүрмет пенен тилге алынса жат журтларда өлип кеткен қаншадан-қанша жерлеслеримиздиң руўхы шадланар еди.  Ағайин-туўғанларының да жүзи жарқын болып, басларымызды жоқары көтерип жүргенге не жетсин…

Мәтен шайырдың қолдан-қолға тиймей оқылатуғын «Барлық жерде бир қуяш» атлы китабында жазылғанындай, «Аспанның асты ҳәм үсти кең болғаны менен бир қуяш жақтыртады, мәйектиң қабыршағындай жуқарған ана жеримизде адамзатқа апат келтириўши урысты болдырмайық!», – деген Гүлжәҳәнниң жүзлери жадырып, терең гүрсинди…   

 

Өмирбай ӨТЕЎЛИЕВ,

жазыўшы

Қарақалпақстан хабар агентлиги