Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 18-май күни денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Тынышлық ҳәм денсаўлық – инсан турмысы ушын ең керекли байлық болып есапланады. Бул еки бағдар мәмлекетимиз социаллық турмысының әҳмийетли негизлери етип белгиленген.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы тийкарында тараў басқышпа-басқыш жетилистирилип келинбекте. Соңғы бир жылда медициналық хызмет сапасын арттырыўға қаратылған 20дан аслам пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Быйылғы жылы тараўға бюджеттен 21 триллион сум, яғный 2017-жылға салыстырғанда 3 есе көп қаржы ажыратылды.
Бирақ, системада нәтийжелилик ҳәм халыққа қолайлықларды арттырыў бойынша еле көп жумыс ислеў керек. Орынларда өткерилген сораўларда тек-ғана 13 процент халық медицинадағы унамлы өзгерислерди сезип атырғанын айтқан.
Мәмлекетимиз басшысы тараўдағы ўазыйпаларды 5 бағдарда көрсетип өтти.
Бириншиси – басланғыш медицина буўынын кеселликти ерте анықлайтуғын ҳәм емлейтуғын системаға айландырыў.
Екиншиси – қәнигелескен орайлар тәрепинен орынларда тар шеңбердеги медициналық хызметлер көлемин арттырыў ҳәм сапасын түп-тийкарынан жақсылаў.
Үшиншиси – санластырыў арқалы тараўда қағазпазлық, бюрократия ҳәм коррупцияны кескин қысқартыў.
Төртиншиси – медицинаның барлық бағдарларында бәсекини раўажландырыў ҳәм жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў.
Бесиншиси – медицина хызметкерлериниң билимин арттырыў, билимлендириў ҳәм илимди раўажландырыў.
Мәжилисте бул ўазыйпаларды орынлаўдың әмелий тәреплери додаланды.
– Медицинадағы реформаларды сапалы, мәнзилли әмелге асырсақ, адамлар разы болады, денсаўлығын тиклеп алады. Тараў жуўапкерлери, ҳәкимлер ҳәр бир аўыл шыпакери менен, мийирбийкелер менен сөйлесип, дүнья тәжирийбесин үйренип, илажлар көрсе, әлбетте өзгерис болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бәринен бурын, шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм поликлиникаларда медициналық хызметлердиң сапасын жақсылаў мәселесине итибар қаратылды.
Бүгинги күнде 250ден аслам кеселликлердиң 87 син басланғыш буўында емлеў мүмкин. Оның ушын усы буўынды маман кадрлар, тез жәрдем ушын зәрүр 50 түрли дәри ҳәм 16 түрдеги медицина қураллары менен тәмийинлеў керек.
Президент жуқпалы кеселликлерди басланғыш буўында емлеў, әсиресе, жүрек-қан тамыр ҳәм асқазан-ишек кеселликлери профилактикасын күшейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Басланғыш буўында емлеў зәрүр болған кеселликлер бойынша бийпул медициналық хызметлер пакети енгизилетуғыны белгиленди.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми менен биргеликте шаңарақлық шыпакерлердиң маманлығын арттырыў, «Аўыл шыпакери» бағдарламасы шеңберинде алыс ҳәм шетки аймақларға қәнигелерди тартыў керек екенлиги атап өтилди. Шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм поликлиникаларда штатлар нормативи, шыпакерлер ҳәм орта медицина хызметкерлериниң маманлық талаплары, үскенелеў стандартларын жетилистириў ўазыйпасы қойылды.
Елимизде 17 қәнигелескен медицина орайы бар. Олар тәрепинен орынларда медициналық тексериўлер өткерилип атырғаны нәтийжесинде кеселликлер ерте анықланып, әўерегершиликлердиң алды алынбақта.
Атап айтқанда, Фтизиатрия ҳәм Педиатрия орайлары барлық аймақларда өз филиалларын шөлкемлестиргени себепли, Ташкентке келиўши наўқаслардың саны соңғы 2 жылда дерлик 20 процентке азайған.
Мәмлекетимиз басшысы қәнигелескен орайлар менен ўәлаят, район ҳәм қаланың емлеўханаларын нәтийжели байланыстырып, тәжирийбели медициналық хызметлерди халыққа жақынластырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мысал ушын, хирургиялық операцияны талап етпейтуғын жүрек-қан тамыр, асқазан-ишек, дем алыў жоллары, тери кеселликлерине диагноз қойыў, емлеў ҳәм реабилитация процесслерин районларда әмелге асырыў мүмкин. Көз микрохирургиясы, урология, травмотология, көкирек ҳәм қарын бослығы бағдарларындағы хирургиялық емлеўлерди ўәлаят дәрежесинде шөлкемлестириў ушын шараятлар жетерли.
Республика орайларында болса қыйын диагнозлы кеселликлер ҳәм жоқары технологиялық операциялардың орынланыўы әҳмийетли болыўы керек.
Сонлықтан, ўәлаят ҳәм район емлеўханаларында емленетуғын кеселликлердиң дизимин тастыйықлап, төменги буўын шыпакерлериниң маманлығын арттырыў илажлары белгиленди.
Ҳәкимликлерге аймақлық медицина мәкемелерин ангиограф, лапароскоп, жасалма қан айландырыў сыяқлы жоқары технологиялық үскенелер ҳәм медицина қураллары менен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.
Сондай-ақ, жеке меншик медицина шөлкемлерине лицензия бериў тәртибин әпиўайылыстырып, процесслерди толық санластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимизде 3 мыңнан аслам медицина мәкемеси болып, олардың жумысына заманагөй технологиялар енгизилмекте. 423 басланғыш медицина мәкемеси «Электрон поликлиника» мәлимлеме системасына жалғанған.
Бирақ жаңадан ислеў ушын ҳәмме жерде де шараят зор емес. Айырым медицина мәкемелеринде компьютер жетиспейди. Тараўды санластырыў ушын быйылғы жылы бюджеттен 28 миллиард сум ажыратылған болса да, бул бағдардағы жумыслар әсте-ақырынлық пенен бармақта.
Сонлықтан, ўәлаятлық медицина басқармаларында санластырыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў бойынша орынбасар лаўазымы шөлкемлестирилетуғынлығы белгиленди. Сондай-ақ, барлық медицина мәкемелеринде электрон система менен ислейтуғын 2 мың оператор-мийирбийке ўазыйпасы енгизиледи.
Усы жылы 1-августқа шекем электрон ордер системасын иске қосып, барлық аймақлар ҳәм қәнигелескен орайларды жалғаў, 1-ноябрьге шекем Ташкент қаласындағы барлық поликлиникаларды толық санластырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте аналар ҳәм балалардың саламатлығын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бәринен бурын, оларды саламат турмыс тәризине үйретиў, балалардың дурыс аўқатланыўын жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ҳәр бир аймақ бойынша таллаўлардан келип шығып, мақсетли скриниглер өткериў ўазыйпасы қойылды.
Ўәлаятларда Перинатал ҳәм Скрининг орайлары бирден-бир кластер сыпатында бирлестирилип, районға шекем түсетуғын буўын шөлкемлестирилетуғыны атап өтилди.
Тараўдағы және бир әҳмийетли бағдар билимлендириў, илим ҳәм кадрлар таярлаўды раўажландырыў болып табылады.
Медицина тараўындағы ҳәзирги билимлендириў усыллары буннан 30-40 жыллар бурын тастыйықланған, сабақлықлардың көпшилиги халықаралық стандартларға жуўап бермейди. Жоқары оқыў орынлары ҳәм қәнигелескен орайларда илимий потенциалға қызығыўшылық, бәсеки аз.
Сонлықтан, медициналық жоқары билимлендириў мәкемелерин трансформациялаў, алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында, менеджерлер және жоқары технологиялық үскенелер менен ислейтуғын қәнигелер таярлаў бойынша жаңа бағдарлар ашыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ординатура ҳәм магистратурада оқып атырған талантлы жасларды сырт елде тәжирийбе арттырыўға жибериў бойынша көрсетпелер берилди.
– Денсаўлықты сақлаў системасына ҳәр жылы бир неше триллионлаған қаржы ажыратылады, халықаралық кредитлер тартылады. Бул ажыратылып атырған қаржылардың нәтийжесин халқымыз сезиўи керек, – деди Президент.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.
ӨзА