18-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимизде әмелий сапар менен болып турған Жәҳән банки президентиниң орынбасары Анна Бьерде басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Жәҳән банки топары арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў, мәмлекетимизде ҳәм улыўма регионда турақлы раўажланыўды тәмийинлеў мақсетинде әмелий бирге ислесиў дәрежесин арттырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы Анна Бьердени Жәҳән банки президентиниң Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланғаны менен қызғын қутлықлап, оған үлкен табыслар тиледи.
Соңғы жылларда биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилген еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары дәрежеси үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Банктиң ҳәр тәреплеме жәрдеми менен мәмлекетимизде базар реформалары ҳәм социаллық жаңаланыўлар бағдарламасын әмелге асырыў даўам етип атырғаны атап өтилди.
Жәҳән банки топарының структуралары қатнасыўындағы жойбарларды алға қойыў бойынша анық илажлар комплекси белгиленген «жол картасы» әмелге асырылмақта, «Мәмлекет платформасы» системасы енгизилген.
Жойбарлардың улыўма портфели 7 миллиард долларға жетпекте. Әмелдеги бағдарлама билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, энергетика, суў тәмийнаты, аўыл хожалығы, транспорт сыяқлы тийкарғы бағдарлар ҳәм басқа да көплеген бағдарларды қамтып алған улыўма баҳасы 4,1 миллиард доллар муғдарындағы 23 жойбарды өз ишине алған.
Жәҳән банки пандемияның ақыбетлерин жеңип өтиў мақсетинде бириншилерден болып жәрдем көрсетти. Тек ғана өткен жылы 1,6 миллиард доллар муғдарында жаңа жойбарлар мақулланды.
Буннан тысқары, Банк экспертлери мәсләҳәт-техникалық жәрдем көрсетпекте, мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў, транспорт ҳәм аўыл хожалығы тараўларын модернизациялаў, электр энергетикасының барлық буўынларын реформалаўда қатнаспақта. Альтернатив энергия дәреклерин енгизиў бағдарында сезилерли табысларға ерисилди.
Делегация сапар етиў даўамында суў тәмийнаты системасын жақсылаў ҳәм инновациялар тараўындағы миллий сиясатты қоллап-қуўатлаў бойынша баҳасы дерлик 300 миллион доллар муғдарындағы жойбарларды әмелге асырыў ҳаққындағы келисимлерге қол қойылды.
Ушырасыўда Өзбекстанның Жәҳән банки менен жаңа бес жыллық Шериклик бағдарламасын пуқта таярлаў ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.
Жәҳән банки президентиниң орынбасары Анна Бьерде Банк мәмлекетимиздеги экономикалық ҳәм социаллық реформаларды жоқары баҳалайтуғынын және оларды әмелге асырыўда зәрүр жәрдем бериўди даўам ететуғынын атап өтти.
«Өзбекстан тарийхый қысқа дәўирде оғада үлкен жумысларды әмелге асырды. Реформалар мәмлекеттиң ҳәм ишки, ҳәм сыртқы келбетин фундаментал тәризде өзгертип жиберди. Сол себепли мәмлекетиңиз сырт елли инвесторлар ушын тартымлы», деди жетекши халықаралық финанслық институттың баслығы.
Өзбекстан Президенти тәрепинен Жәҳән банки менен көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша усыныс етилген жаңа күн тәртиби толық қоллап-қуўатланды.
Атап айтқанда, күн тәртибинен төмендеги шериклик бағдарлары орын алған:
– бәринен бурын аўыллық жерлерде исбилерменликти раўажландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың исбилерменлик басламаларын алға қойыў арқалы мәмлекетте кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған реформаларды қоллап-қуўатлаў;
– сезилерли нәтийжелерге ерисиў ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде жоқары билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы жаңаланыўлардың нәтийжелилигин арттырыў;
– республика аймақларын жедел индустриалластырыў бағдарламасын әмелге асырыў ҳәм орта қалаларды раўажландырыў жойбарын даўам еттириў;
– раўажланыўдың инновациялық моделине өтиў, «жасыл экономика»ны енгизиў;
– жер қатнасықлары тараўындағы реформаларды даўам еттириў;
– коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм мәмлекеттиң раўажланыў институтларының потенциалын арттырыў;
– ири регионаллық инфраструктуралық жойбарларды биргеликте алға қойыў.
Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўдиң жоқары пәтлерин қоллап-қуўатлаў, Өзбекстан ҳәм Жәҳән банки арасындағы стратегиялық шерикликке байланыслы тийкарғы бағдарлама ҳәм жойбарларды таярлаў және әмелге асырыўды жеделлестириў мақсетинде турақлы сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели алмасыўларды даўам еттириў бойынша келисимге ерисилди.
ӨзА