2021-жыл 18-май күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясы жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы  Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюция қабыл етилди.

Өзбекстан басшысының басламасы жәҳән жәмийетшилиги тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланды. Дүньяның ҳәр қыйлы регионларындағы 60 қа шамалас мәмлекет бул резолюцияға биргеликтеги автор сыпатында қатнасқаны буны анық тастыйықлайды.

Бас Ассамблея қабыл еткен резолюция:

– Аралбойы регионындағы экологиялық, социаллық,экономикалық ҳәм демографиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған регионаллық илажлар ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынын жәриялайды;

– буннан былай да Аралбойы регионының тәбиятын тиклеў ҳәм жақсылаў, тәбийғый ресурсларды сақлаў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыў мәплери жолындағы илимий-изертлеў мәсләҳәтлесиў жумысын хошаметлейди;

– Арал теңизи кризиси ақыбетлерин сапластырыў ҳәм Аралбойы регионындағы экологиялық жағдайды турақластырыў бойынша биргеликтеги илажларды әмелге асырыўда регионаллық бирге ислесиўди жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтеди;

– барлық мәпдар тәреплерди биргеликтеги илимлераралық изертлеўлер өткериўге, экологиялық таза технологияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиўге, инклюзив ҳәм экологиялық турақлы экономикалық өсиўге және энергия ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды қолланыўға түртки бериўге шақырады.

Ҳүжжетте Өзбекстан басшысының басламасы менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайының шөлкемлестирилгени және БМШ қәўендерилигинде Аралбойы регионы ушын көпшериклик Траст фондынық шөлкемлестирилгенине жоқары баҳа берилди, бул басламалар БМШ тәрепинен қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди.

Аралбойы Бас Ассамблея тәрепинен «Экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» сыяқлы жоқары статус берилген дәслепки регион болғанын атап өтиў орынлы. БМШ Бас Ассамблеясы арнаўлы резолюциясының қабыл етилиўи жоқары технологиялық инновациялар, экологиялық таза, энергия ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиўге инвестицияларды тартыў, «жасыл экономика» принциплерин комплекли қолланыў, шөлге айланыў ҳәм экологиялық миграция процесслериниң алдын алыў, экотуризмди раўажландырыў ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар ҳәм хошаметлеўши факторларды қәлиплестириў жолындағы ҳәрекетлерди бирлестириўге қаратылған.

Соның менен бирге, ҳүжжет регионаллық үстинлик, интеграция ҳәм турақлы раўажланыўды қоллап-қуўатлаў бойынша БМШ системасындағы қәнигелескен агентликлер, қорлар ҳәм бағдарламалардың әмелий ҳәрекетлерин және жойбарларын улыўмаластырыў ҳәм олар арасындағы муўапықласыўды тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

ӨзА