Қарақалпақстанда мәҳәлле кесиминде «Ҳаял-қызлар дәптери»не жасы 30 дан асқан 24519 ҳаял-қыз киргизилген.

Соннан, категориялары бойынша бәнтлиги тәмийинленбеген, жумыс ислеўди қәлейтуғын, дәрамат дәрегине ийе емес, соның ишинде, мийнет етиў қәбилетин белгили дәрежеде жоғалтқан, социаллық жәрдемге мүтәж 16007, бағыўшысын жоғалтқан, жәрдемге мүтәж, бирақ жумыс ислеўди қәлеўши 2172, мийнетке қәбилетсиз, өзгелердиң қараўына, социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған 1927, мийнет қәбилетин пүткиллей жоғалтқан, жалғыз жасайтуғын, турақ жайын оңлаў имканияты жоқ, бирақ турақ жайын оңлаўға мүтәж I топар майыплығы бар 79 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген.

Сондай-ақ, «Ҳаял-қызлар дәптери»не 144 турақ жайға мөлшерленбеген орынларда жасап атырған, өзиниң яки бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының атында турақ жайы болмаған, 337 қараўында бир ҳәм оннан аслам I ҳәм II топар майыплығы болған балалары бар жалғыз ҳаяллар,  2097 медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар, 848 басым ҳәм күш көрсетиўден жәбирленген, социаллық машқалалары бар, ҳуқықый жәрдем алыўға мүтәж, 908 психологиялық мәсләҳәтке мүтәж ҳаял-қызлар да киргизилген.

– Мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында ҳаял-қызлардың ҳәр бир тараўдағы позициясын арттырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында терең ислеп шығылған реформалардың нәтийжеси әмелге асырылып атырған илажларда өз көринисин таппақта,-дейди Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары Марям Ахмедова.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен барлық қала ҳәм районларда, ең шетки аўыл аймақларға кирип барып, ҳаял-қызлардың жасаў шараятларын, олардың турмысы, қызығыўшылықлары менен танысыў, бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында анық мәнзилли режелер белгилеп алынған болып, сол тийкарда әмелий жумыслар алып барылмақта.

Усы жылдың 10-май ҳалатына 22 484 ҳаял-қызға әмелий жәрдем көрсетилди. Атап айтқанда, 8008 ҳаялдың бәнтлиги тәмийинленип, 2402 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды. 685 ҳаял-қызға қыйтақ жерлеринен пайдаланыў ушын жәрдем берилди. 2949 ҳаял-қызға өз исбилерменлик жумысларын баслаў ушын 28 миллиард 938 миллион сум муғдарында  кредит ажыратылды. 4433 ҳаялға 2 миллиард 831 миллион 792 мың сум муғдарында материаллық жәрдем көрсетилди. Сондай-ақ, 117 ҳаялға ижара компенсациясының төлениўине жәрдем берилип, 64 I топар майыплығы болған ҳаяллардың турақ жайлары қайта оңлап берилди. 2083  ҳаялға медициналык, 838 ҳаялға ҳуқықый, 905 ҳаялға  психологиялық жәрдемлер көрсетилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги