8-март –Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы қарсаӊында елимиздиӊ раўажланыўы жолындағы үлгили ҳәм пидайы мийнетлери ушын «Ўзбегим аёли-2021»  миллий сыйлығыныӊ лауреаты атанған Нөкис районындағы «Мәжит-Жүзимгүл»  фермер хожалығы баслығы Жүзимгүл Бекбергенованы бүгин тек Қарақалпақстанда емес, ал, Өзбекстанда жақсы таныйды ҳәм бул зәбердес ҳаялдыӊ ислеп атырған ийгиликли ислерин көпшилик ҳүрмет етеди.

2006-жылдан берли Шортанбай елатында фермер болып ислеп атырған Жүзимгүл Бекбергенова дийқаншылықтыӊ әлўан түрли сырларын жақсы меӊгергенликтен, ҳәр жыл сайын мәмлекетке пахта ҳәм ғәлле тапсырыў шәртнамасын артығы менен орынлап келмекте. Өзиниӊ ҳадал мийнетиниӊ арқасында аўыл-ел арасында үлкен абырайға ерискен ол, өткен жылғы депутатлық  сайлаўында аймақ халқыныӊ  сый-ҳүрметине ылайық деп табылып, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊесине депутат болып сайланған. Бүгинги күни 3 қыз ҳәм бир улды өсирип камалға келтирген оған қанша мақтаў сөзлер айтсаӊ да арзыйды. Ҳәзирги күнлери ул-қызлары да ата-анасыныӊ жолын тутып, аўылхожалығы тараўында мийнет етип, олардан дийқаншылық ҳәм шарўашылықтыӊ сырларын үйренип келмекте.

Бирақ, турмыста жоллардыӊ бир тегис болмағанындай, бүгинги күни бул искер фермердиӊ де жумысларында унамсыз жағдайлар жүз бермекте. Жақында бул фермер  усы унамсыз жағдайларды шешиўде әмелий жәрдем көрсетиўди сорап мүрәжат етти ҳәм бизлер оныӊ менен басынан өткен ўақыялар бойынша гүрриӊлестик.

-Ул-қызларым ержетип өз алдына хожалық болғаннан соӊ, оларға өзим басқарған фермер хожалығы  жеринен егислик жер ажыратып бермекши болып, бул бойынша Нөкис районы ҳәкимлигине мүрәжат еттим,-деп өз сөзин баслады Жүзимгүл Бекбергенова. -Олар мениӊ бул пикиримди мақуллап, дәслеп жериӊниӊ балаӊызға бережақ бөлегин район ҳәкимлигиниӊ резерв жер фондына қайтарасаӊ, соӊынан жаӊадан исбилерменлик субъектин шөлкемлестирип балаӊызға нызамлы түрде беремиз деп ўәде етти. Мен район ҳәкиминиӊ аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Мырзамурат Қалмуратов ҳәм районлық Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими баслығы Бахтияр Сапарниязовтыӊ айтқан усындай жалған сөзлерине исенип, өзим басқарған фермер хожалығы  жер майданларынан 47,75 гектар, соннан 41,48 гектар сүрим жер, 1,44 гектар боз жер, 0,99 гектар жайлаў жерлер, 2,37 гектар жап-салма, 1,47 гектар аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жерлерди район ҳәкимлигиниӊ резерв жер фондына қайтарып алыў бойынша 2019-жылдыӊ 8-июлинде қатнас хат жаздым. 2019-жылдыӊ 25-сентябринде болса, мениӊ бул хатым инабатқа алынып, бул бойынша район ҳәкиминиӊ шешими қабылланды. Буннан соӊ мен және бир неше мәрте  М.Қалмуратов ҳәм Б.Сапарниязовларға  жеримди балам Сәрсенбай Сейтжановтыӊ атына өткерип бериў бойынша мүрәжат еттим. Бирақ, тилекке қарсы олар өзлериниӊ маған  берген ўәдесин умытып, енди жериӊди тендер таӊлаўына қоямыз ҳәм соннан утып алсаӊ аласаӊ деп жуўап қайтарды. Мен жуўапкершилиги шекленген жәмийет етип ашып, жеримди қайтарып алсам болама десем, олар болады деди. Соныӊ менен мен 2020-жылдыӊ 11-мартында балам Сәрсенбай Сейтжановтыӊ атына  «Жүзимгүл-Нәзигүл» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашып, 12-март күни Нөкис районы ҳәкими А.Сейтахов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр басқармасы баслығы А.Якубовқа овощ-палыз өнимлерин егип жетистириў ҳәм шарўашылықты ушын жер майданларын ажыратып бериўин сорап жазба түрде мүрәжат еттик. Бизлердиӊ бул мүрәжатымыз район ҳәкимлиги тәрепинен инабатқа алынып, мен басқарған фермер хожалықтыӊ район ҳәкимлигиниӊ резерв жер фондына қайтарылған жерлерин «Жүзимгүл-Нәзигүл» ЖШЖға бериў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр басқармасына жазба түрде усыныс таярлап берилгенине қарамастан, мүрәжатымыз ҳеш бир жуўапсыз қалды.

Бул бойынша Нөкис районлық жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими баслығы Бахтияр Сапарниязов, оннан кейин бул лаўазымда ислеген Руслан Турдымуратов, Баҳадыр ҳәм Исатай атлы жигитлерге бир-неше мәрте мүрәжат еттим. Олар болса, пандемияны сылтаўлап жеримизди бизиӊ баланыӊ атына өткерип бермей жүре берди. Усы арада бизге салық инспекциясы ҳәм статистика бөлиминен қоӊыраў етип, есабат тапсырыўды сорады. Мен бул бойынша кадастр бөлиминдегилер ҳәм район ҳәкиминиӊ орынбасары болып тайынланған Бахтияр Сапарниязовқа айттым. Олар болса, жерди сизден басқа ҳеш кимге бермеймиз деп бизди алдап қоя берди. Бирақ, Нөкис районы ҳәкимлиги  «MAXSUT CULISTAN»  шаӊарақлық кәрханасы баслығы Г.Сайытбекованыӊ 2021-жыл 25-февральдағы мүрәжатын, 26-февральда,  яғный,  1 күн ишинде инабатқа алып оларға мен 1 жылдан бери мүрәжат етип алалмай жүрген жеримди ажыратып берипти. Буны қалай түсинсек болады?  Ҳүрметли Президентимиз ҳәр сапары сөйлегенинде, Жасларды қоллап-қуўатлаў керек, деп басшыларға тапсырма береди. Ал, Нөкис районында болса, таныс-билисиӊ болмаса, мүрәжатыӊ есапқа алынбайды. Мен буныӊ айқын дәлийлин өз балам Сәрсенбай Сейтжановтыӊ мысалында көрип, ҳақыйқатлықты қарар таптырыў мақсетинде сиз журналистлерге мүрәжат етип атырман,- дейди ол  сөзиниӊ жуўмағында. Бизлер бул мәселени үйрениў мақсетинде Нөкис районлық аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими ҳәм кадастр агентлиги Нөкис районлық бөлиминде болып, ондағы хызметкерлерден жөнли жуўап алалмадық.

Сонлықтан бизлер бул мәселени республикамыздағы тийисли жоқары шөлкем басшылары үйренип шығып, жас исбилермен Сәрсенбай Сейтжановтыӊ нызамлы ҳуқықларыныӊ қорғалыўына жәрдем көрсетиўин сорап қаламыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги