Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Шымбай районлық Кеңесиниң Пленумында өткен жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм быйылғы жылғы ўазыйпалар белгиленди.

Атап өтилгениндей, есап бериў дәўиринде  белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылған онға шамалас партия жойбары әмелге асырылды. Атап айтқанда, халықтың машқалаларын орынларда үйрениў мақсетинде «Халық пенен жүзбе-жүз» жойбары шеңберинде депутатлар ҳәм партия белсендилери  турақлы түрде пуқаралар жыйынларында халық пенен жүзбе-жүз ушырасыўлар өткерди.

Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың ҳуқықый билимин жетилистириў мақсетинде «Адолат» сиясий оқыўлар күни» жойбары шеңберинде орынларда турақлы түрде сиясий-ҳуқықый оқыўлар шөлкемлеслестирилди. Партияның ис режесине муўапық «Сақаўат ҳәм көмек» улыўма халықлық ҳәрекет тийкарында айтарлықтай жумыслар алып барылды.

-Тийкарғы итибар жойбарларды әмелге асырыў барысындағы үйрениўлердиң нәтийжесин халық депутатлары районлық Кеңестиң сессияларында додалаўға киргизиў ҳәм оның орынланыўы үстинен депутатлық қадағалаўды күшейтиў жумысларына қаратылды,-дейди  Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Шымбай районлық Кеңесиниң баслығы Ханназат Сулайманов.-Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, орынларда халық пенен ушырасыўларда бирдирилген машқалаларды шешиўде депутатларымыз бенен ўәкиллеримиздиң белсендилигин арттырыў болып табылады.

Илажда халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия депутатлық топары басшысының мәлимлемеси тыңланды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер бойыншга тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги