Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен ҳәзирги ўақытта товар-материаллық байлықлардың елимизге нызамсыз түрде кирип келиўиниң алдын алыў бойынша арнаўлы илажлар өткерилмекте.
«Даўыт ата» шегара бажыхана постында республикамызға кирип келген пуқара К.А. басқарыўындағы жүк автотранспорт қуралы белгиленген тәртипте көзден өткерилди. Усы пуқара тәрепинен бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўында ҳәм жол жүк ҳүжжетлеринде мәлим етилмеген, баҳасы 71 миллион сумлық 2 дана «ПИКА-19» маркалы топырақ тексериў үскенесин алып кириўге урынғаны анықланды.
Сондай-ақ, басқарманың Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласында өткерилген оператив илаж даўамында пуқара Б.М. сырт елде ислеп шығарылған, ҳеш қандай ҳүжжетлери болмаған, жәми 1000 дана, 1002 қуўатлылыққа ийе жақтыландырыўшы лампаларды сатып атырғанында иркилди.
Усы күни Нөкис қаласында пуқара Т.С. қуўатлылығы 1002 қа тең 1200 дана жақтыландырыўшы лампаларды сатып атырғаны анықланды.
Еслетип өтемиз, әмелдеги тәртип-қағыйдаларға бола, қуўатлылығы 40 Вт.тан жоқары болған жақтыландырыўшы лампалардың Өзбекстан Республикасында еркин пайдаланыўға шығарылыўы ҳәм сатылыўы қадаған етилген.
Ҳәзирги ўақытта анықланған усы фактлер бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги