Мәтен шайыр (Сейтниязов) жазған «Ўатан гедайысы» поэмасындағы бас қаҳарман, (прототипи) Қыдыр Алланияз (Өзлери аты-фамилиясын қолайлап айтыў ушын усылайынша ықшамлап алған) ҳаққындағы қосық қатарларына уйқаспаған ашшы ҳақыйқатлықлар…

 

«Дайымды қатты жақсы көрер едим…»

Урыстың аты урыс. Жан алысып, жан берискен қыян-кески, қанлы саўашларда батыры менен қорқағы, қашқын, сатқынлары болары тәбийғый ҳалат. Республикамыз жәмийетшилиги өткен әсирдиң жетписинши жыллары екинши жер жүзилик урыста немислерге тутқынға түсип, Батыс Германияның Мюнхен қаласында жасап қалған Қыдыр Алланияз бенен  дүнья жүзи бойлап саяхатта жүрген Мәтен шайыр ғайыптан тайып ушырасса кеўлине ғулғула салғандағы жазған шығармасы түрлише айтыс-тартысларға себепши болғанларын умытпаса керек. Кеңес ҳүкимети бийлик еткен ўақытлары тутқынға түскенлердиң образын жаратыў пүткиллей қадаған етилген темалар қатарына киргизилди.

2020-жылы «Қарақалпақстан» баспасында жарық көрген «Қорқыт атаның желқобызы» атлы китабымдағы «Абдулла (Андрей) немис» атлы повестиме өзек болған шоманайлы Абдулла Мәтқурбановтың қорлықлы өмири үнлес еди. Биреўдиң билмегенин биреўлер билип, жақында бир танысымнан Қанлыкөл районында жасайтуғын, сол Қыдырнияз Алланиязовқа туўысқан жийен Гүлжәҳән Қыдырбаеваның дайысы туўралы бир қанша қызықлы мағлыўматлар, сүўретлерин жыйнап жүргенлерин есите сала асығыс жолға түстим.

­ Илгериде мектептиң тарийх пәни муғаллими «Жеңис күнине бағышлап аўылымыздан уллы ўатандарлық урысқа қатнасыўшыларға арнаўлы мүйеш шөлкемлестирейик, қолыңдағы ҳүжжет, сүўретлериңди бер» дегенинде тутқынға түскенлери есиме түсип, иркилген едим. Ўақты-ўақты, дайым менен жазысқан хатларымды қайталап оқысам түрлише ой салады. Бирге түскен сүўретлеринде көзлери жайнап, жүзлеринен адамгершиликтиң нуры байқалатуғын дайым менен немис жеңгемиз Эльзаны ҳасла жаманлықларға қыйғым келмейди.

Дайымды қатты жақсы көргенликтен классласлар ҳәм аўылласларыма «Германияда жасайтуғын ағайинлерим менен хат алысаман» деп мақтансам, жоқары класста оқыйтуғын бир бала ызым-сызымнан хабары бардай мени көпшиликтен бөлеклеп: «Тоқтап тур, дайыңыз Германияға қалай барып қалды? Бәлким, урыста немислерге сатылған шығар?» дегенинде не жуўап айтарымды билмей, егленип: «Дайым сатқын емес, жаман адам болғанда бир бәлеге шатылдырып, бизлерге ҳүкимет бүйтип ашықтан-ашық хат жаздырмас еди» деп биринши мәрте қорғаўға умтылдым. Үйге қапа болып келгенимде анамыз: «Неге, кеўилсизсең? Биреўлер менен бақырысып қалдың ба?» деп сораса, расымды айтсам қапа боларын ойлап үндемегеним жөн екен.

Дайымның минез-қулқы жүдә туйық екен. Жат журтта өркөкиреклиги басылып, кемкеўил болып жасағанға ма өзин көпшиликтен бөлеклеп, қашқалақлай береди.

Негедур, оны жақсы танып-билмейтуғын, сырминез болмағанлар орынлы-орынсыз сораўлар берсе, қызара бөртип, өзин қоярға жер таппай тыпыршылаўы менен сөз рәмәўзин басқа темаларға бурғысы келди.  Ҳәр сапар хат жазғанымда германиялы болыў себебин сорағым келгени менен ренжитип алыўдан қорқтым.

Дегенлерим, газета оқыўшыларына түсиникли болыўы ушын азырақ шегинис жасап, барлығын бир бастан айтайын. Үлкен атамыз Қыдырбай мойнақшы, ертеде теңизде балық аўлапты. Үзиликсиз суўалыспаларда жәбир көре бергенге колхозы менен Қоңыратқа көшкен. l936-жылы әкемиз үш жаста болған.

Дайы журтым Тахтакөпирде, анамыз Периханның әкеси Хожанияз атамыз урысқа барғаны менен еки аяғынан жарақатланып қайтады. Қан көргенге сусы басым, фермадағы жумыслары қаттықоллығының  арқасында жүрискен. Көп узамай Қыдырнияз дайым да урысқа алынып, дәслепки айларда хат жазғаны менен соңына қарай пышақ кескендей тыйылады. Дерексиз кеткени ушын өлдиге шығарып, ас-абатына шекем берип жиберген. Ағайин-туўғанлары өли я тирилер саналмаған иниси, улыўма урыс туўралы аўызларын ашқысы келмес еди.

Хожанияз дайымыздың кемпири  Ҳүржәмийла ҳәрдайым көзлерин жаслап: «Мырзағадан (Қыдырнияздан) хабар-атар болмады-аў! Шамамда, бир жерлерде жер басып жүр, көкирегинде шығар-шықпас жаны бар. Түслериме ене береди» менен ийис шығарып, тез-тезден жети үйге шелпек тарқатыпты.

Айтқанындай, l972-жылы дайымның тирилигинен хабар шығып, немис журтына қыдырып барған шайырға гезлескенде сәлем айтып жибереди. Көп узамай «Әмиўдәрья» журналынан Мәтен шайырдың «Ўатан гедайысы» поэмасын оқып, дайымыздың өмир жолы менен кеңирек танысқандай болдық.

Бир күнлери (l974-жылы) «Дайымыз елге қыдырып кележақ» деген хабар шықты. Туўысқанлары қолларына гүлдәстелерин услап, Нөкис аэропортынан күтип алыўға кеткен. Үлкен шаңараққа барғанда бир ўақлары аяғын қайра-қайра басып жүрген топырағына маңлайын тийгизип, қайта-қайта сүйеди. «Өз үйим ­ өлең төсегим-әй!» деп төрден есикке, есиктен төрге аўнағанда кеўли елжиремеген адам қалмапты. Сирә-дә үйге мирәт саларымызды ойлап, қонақ күтиўге таярлықлар көрилди. Жайдың иши-сыртын ақлап, есик, терезе, еденлер боялды. «Еки аяғы жоқ, мешел» дегенге қайғырысып, жерде отырса қыйналар деп диван, стол-стуллар сатып алынды. Кир-ғожалақ болып жүрмеў ушын жуўынып-шайындық, себеп пенен бир қатар кийим-кеншеклер әперди.

Бурынғының аўқатларын күсер менен дастурханға қатлама нан, гешири көп қосылған жүўери зағара, сөк тақан, майсөк, гүбиде пискен сары майға шекем қойылды. Дайымыз тахтакөпирли еки ағайинимиздиң жол баслаўы менен үйге қараңғыны түсире келгенде аўыл-аймағымыз тик аяғынан турып күтисти. Басында қара қалпақ, үстинде қара плащь, қара костюм-шалбар, ақ көйлекли, мойнында галстук, аяғында телетин етик, оң қолына кишкене балдағын услап келгендеги жүрис-турыслары үлкен жумыста ислейтуғын ҳәмелдарға усар еди. Өз көзлеримизге исенбей, ой-қыялымызға орнына он еки мүшеси саў биреўди жибергендей туйылды. Анамыз алдына «Әжағалап» жуўырса, «Туўысқанымның даўысын ҳәм өзин тас қараңғыда да жазбай таныйман» деп қушақласа көристи. «Маған хат жаза беретуғын кишкене жийеним, Гүлжәҳәним қайда?» деп излегенде анамның шалғайына асылып турған мени де баўырына тартты. Төрге отырып, костюмын шешкенде еки қолы менен беллигинен бир нәрсени шырт еткизгенин билемиз, ағаш аяқлары (протез) аңсат ғана шешилип, дийўалға сүйеп қойдырғанда жүреклеримизди қорқыныш бийлеп, биразға дейин өзлеримизге келе алмай отырыстық.

Әкемиз сырт еллерге жиберилетуғын арнаўлы, қымбат баҳалы конверт ҳәм маркалар сатып әкелиўден: «Дайыңа өзиң ҳәм бизлердиң атларымыздан да хат жазып турғайсаң» дегенге қардай бораттым. Жазыўға сөз таба алмай қалсам сиңлили болып, атын Тазагүл қойғанын, үйде неше таўық бар, қой-ешки, сыйырларымыз саны нешеўге жеткени, ийтимиздиң де қабаўықлығына шекем  қалдырмай жазғанларымды олар қызық көрипти.

 

Бахтына яр болған немис қызы ­ Эльза

Көрген көз бенен еситкен қулақта не жазық болсын. Айтыўлар ҳәм еситиўлери бойынша Қыдырнияз Алланиязов биринши мәрте тилинен «жанып», елиниң адамы болғаны ушын Мәтен шайырға ҳағынан жарылады. Урысқа l942-жылы теңиз арқалы кеткен, Аральск қаласында поездға минеди. Шеги генерал Власовтың армиясына түскеннен бахтына қара тигилипти. Табан тиреп урыспай-ақ көп шегиниспелердиң биринде мың-сан еки қуралласлары қатары тутқынға алынады. Өрмекшиниң торына илинген қара шыбындай дузаққа түскенин бир-ақ билипти. Немислердиң күни-түнги айдаўларында жаяўлап, гә машынлы, поездларға минип-түсип, Германияның Мюнхен қаласына шекем барады. Басында ерк-ықтыяры болмағанлығы себепли, көбинесе адам күшлери жетиспей атырған завод-фабрикаларында ислетеди. l945-жылға келип, қаланы аўқамласлардың самолётлары бомбалаўдан үстине дийўал қулағанда билегине санитарка белгиси тағылған қыз алып шығады. Госпитальда көзин ашса, еки аяғы жуўан санынан кесилипти.  Қасынан айланшықлап шықпайтуғын қыз дәри-дәрмағын берип, өз қолынан аўқатландырып жүреди. Неше жыллардан берли немис жеринде жумыс ислеп, тилин билген соң танысса, аты Эльза екен. Түнлерде кирпик айқастырмай, басында гүзетте отырғанларына кеўли толыпты. Ҳүжжетлестиретуғын гезде қыздың өмирин сақлап қалған жарадары совет солдаты болып шыққаны гүман астына алынады. Сол аралықта аўқамласлар менен совет әскерлери урыста жеңип, алғаў-далғаў ўақытлары жигитти госпитальдан жасырын түрде шығарғаны менен үйине  апарып емлеўге мәжбүр болады.

Жеңистен кейин тутқынға түскен совет солдатлары елине қайтыўға мүмкиншилик алғанда және жазықлы боларын ойлап, қайтпай қалады. Қыдырнияз да жарымжан ҳалына елине жете алмасын билип, Эльзаға арқа сүйеп жасай береди. Мийрим-шәпәәт сезимлери сүйиўшиликке айланып, турмыс қурады. Күйеўиниң аўыр мүшкилин жеңиллетпек ушын жүрип-турғанларында жанына ҳазар бермейтуғын ықшам ғана протез соқтырып, жеңил-желпи жумысларды бир қолына кишкене балдағына таянып ислейди.

Өмири бир қәлипте өтип атырған гезлери таң қалғандай ўақыя жүз береди. Екиге бөлинген Германияның советлер тәрепиндеги Берлин қаласында ­ жер жүзи халықлары искусство шеберлериниң фестивалы өткериледи. Сахнаға үстине қарақалпақша нағыслы кийимлер кийип, басына айдынлысын ораған Айымхан апа Шамуратова телевизорынан Әжинияз шайырдың «Елди көрер күнлер бармекен» қосығын намасына салып айтқанда жүреги жарыла қуўанады. Сол күннен баслап өлерин билсе де өлместей болып, елге жетсем деген жақсы нийетин кеўлине түйипти…

 

Ана-Ўатанның қәдир-қымбатын мендей сорлыдан сораң?!

l972-жыл. Мюнхен ­ тек Германиядағы емес, Европада ең ири санаат-индустриясы раўажланған қала болғанлықтан тас көмир ҳәм тәбийғый газ бенен ислейтуғын завод-фабрикалары түтинине аспан булынғыр тартып, түнлерде ай-жулдызлар жекке-сийрек көринер еди. Қыдырниязға еки қабатлы мийманханада ислейтуғын бир танысы: «Қысық көзли, орта азиялы туристлер келип жайласты. Жерлеслериң менен ушырасқың келсе кешки аўқатының ўақтына барың» деп хабарлаған. Ҳаялы Эльза менен сол ўақытта жетип барса, өзбекстанлы саяхатшылар ресторанда аўқатланып атыр еди. Ҳәр ким өз тиллеринде сөйлесип, қосықлар айтып, ойынлар ойнағанларын жақын столда отырып, қызығыўшылық пенен бақлайды. Отырыслары жуўмақланар гезде орта бойлы, толық денели, түр-түси мусылманға усаған Қыдырнияз қолларын көксине қойыўы менен әдеп сақлап:

­ Ассалаўма әлейкум, түрк тиллес халықлардың ўәкиллери болған ўатанласларым! Урыс ўақтынан баспанама айланған немис жери ­ Мюнхен қаласына хош келипсиз! Өзим ҳаққында айтсам, қарақалпақстанлы ­ Қыдырнияз Алланиязовтай ағаңыз боламан. Екинши жер жүзилик урыста пешанама өшпейтуғын тутқынлық таңбасы басылды. Күни менен сизлерге  жақын жерде турып, айтысқанларыңыздың бәрин тыңладым, – деп қарақалпақша сөйлеп отырған Мәтен шайырды нәзерлейди.

Сапарға шығардан алдын Мәмлекетлик қәўипсизлик комитети хызмет бабында түсиник жумысларын алып барғаны, ҳәттеки адамлары араларында бирге қосылып  жүргенлерине шек келтирмегенлер сәл жерде жазықлы болып қалмаўлары ушын бийтаныс адам менен жөнли хабарласпай, қашқалақлай береди.

­ Умытпасам, қарақалпағымызда «мен гезбеймен, несийбем гезеди» деген даналық сөзи бардай еди. Тахтакөпиршимен, миллетим қарақалпақ, урыўым мүйтенниң кеңтанаў тийресинен, Бөршитаў етеги, Қаратереңниң бойы жайлаған жерим.

l942-жылы армия хызметине шақырылғаным менен тутқынға түстим. Ата-анаң, жақынларың өлсе бир жыл қайғырып, аза тутарсаң. Ал, елинен айра түскенлер өмир бойы жылап өтеди. Ана-Ўатанның қәдир-қымбатын жат журтта азабын шеккен мендей сорлылардан сораң? – деп көзлеринен жас парлап, сыпырыўға да ҳал-дәрманы болмай, тамсана жутады.

­ Сизлерге қарақалпақ перзенти екенимди дәлиллейин, – деп дизеси бүгилместен тикке турып, Әжинияздың «Бозатаў»ын саз даўысқа салғанына шыдамаған Мәтен шайыр қасына жуўырыўы менен келип: «Болды аға, жерине жеткердиң. Сениң қарақалпақлығыңа исендим» деп мийманханадағы жатқан бөлмесиниң номерин айтып, ушырасыўға ўақыт белгилейди.

Жүрегиндеги қатпарланып қалған дәртлери жибисип, бойы қустай жеңиллескен Қыдырнияздың бойы қустай жеңиллеп, хошласар гезде:

­ Түнлетип мазаңды алғаным ушын сизден қайта-қайта кеширим сорайман. Бир тилегим, елге барғаныңда Тахтакөпирде жасайтуғын ағайинлериме сағынышлы сәлемлеримди жеткергейсең. Гәп-сөзлеримди узақтан айландырмайын. Елде, Жуманияз, Алланияз исмли еки туўысқан жасады. Мен Алланияздың туңғышыман. Сейтнияз, Өтенияздай инилерим, Қаллымхан исмли қарындасым бар еди. Хожанияз ағамды фронтқа биринши атландырдық, изинен мени жиберди. Армия жасындағы инилерим Сейтнияз, Өтениязлардың урысқа барған-бармағанлары, өли-тирисинен хабарым жоқ. Ғарға тамырлы қарақалпақ, қай-қайсыларының атларын айтсаңыз, алақандай Тахтакөпирде бир-бирлерин танып билер. Дайы-жийенлеримиз де қарап турмас, қулақларына хабар тийсе өзли-өзи табысар, – деп кеўилли түрде хошласады.

Мәтен шайыр аманатқа қыянет етпей, райондағы ағайинлерине сәлемнамасын қалыўсыз жеткерипти. Естен кетпес ушырасыўдағы алған тәсирлерин ақ қағазға түсирерде кеңес ҳүкиметиниң сиясатына қарсы келместей етип шығарма жазыў талабы қойылғаннан талай рет бузып-дүзеп, ҳақыйқатлыққа тик қарай алмағанларына ар-ҳүжданы азапланып жүреди.

Жазмыштан озмыш жоқ. Қатал тәғдирдиң не бир аўыр сынақларына төтепки берип, қысыўметлерин көрген Қыдырнияз ағамызға сол ушырасыў түртки болады. Араға еки жыл салып, l974-жылы Москвадан Нөкиске самолетта ушып келгенинде таң азаннан Мәтен шайырдың есигин қағады. Сыртқы дәрўазасын шайырдың өзи ашқанда: «Ҳаў, Қыдырнияз ағамысыз?» деп оңы я түси екенин айыра алмай турғанында, «Аўа, мен германиялы Қыдырнияз ағаң боламан. Дос досқа зыянкес емес. Өз елимниң шегара сызығынан нызамлы жоллар менен өтип келдим» деп қушақласа көриседи. Үйинде еки-үш күнлеп қонақ болғанында пайтахт көшелерин емин-еркин, әрмансыз аралап келиўден, «Қарақалпағымның ийман жүзли, сүттен ақ, ағын суўдай таза адамлары қандай жақсы. Көзлери меҳирге толы, жүзлери қуўаныш-шадлықлардан гүл-гүл жайнайды. Көз тиймесин, гөззал, ийбели, әдеп-икрамлы қыз-келиншеклеримиздиң ҳүсни-жамалы теңи-тайсыз» деп қуўанышларын бөлискен.

Урыс себепли, Ўатан гедайылығын басынан кеширип, өлип-тирилген ағамыз нызам талапларына бойсынған ҳалда l990-жылға шекем туўылған елине келип-кетип, шайыр иниси менен аға-ини, туўысқандай болып қарым-қатнасық жасаўына мүмкиншилик жаратқанына миннетдаршылығы күшли еди.

 

(Даўамы бар)

Өмирбай ӨТЕЎЛИЕВ,

жазыўшы

Қарақалпақстан хабар агентлиги