Президент Шавкат Мирзиёев 17-май күни техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатлаў ҳәм метрология миллий системасын жетилистириў илажларының презентациясы менен танысты.

Елимизде санаатты раўажландырыў, өнимлердиң сапасын арттырыў, дүнья базарларына шығыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, елимиздеги 30 мыңға шамалас стандарттың 19 мыңы халықаралық нормалар менен сәйкеслендирилди ҳәм халықаралық стандартлар реестри қәлиплестирилди.

Ескирген, базар экономикасы механизмлерине унамсыз тәсир көрсететуғын 5 мың 600 стандарт әмелияттан шығарылды, 3 мың 500 и заман талаплары тийкарында жетилистирилди. Халықаралық аналогларға муўапық қосымша 26 техникалық регламент ислеп шығылды.

Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши 260 кәрханада «Global G.A.P.» және «Organic» стандартлары тийкарында сапа системасы енгизилди ҳәм олар халықаралық дәрежеде сертификатластырылды.

32 тоқымашылық кәрханасы «Oeko-Tex» стандарты тийкарында сертификатластырылды. 21 кәрхана Европа Аўқамында талап етилетуғын «СЕ» маркировкасын тастыйықлаўшы сертификат алды.

Сынаў лабораториялары модернизацияланып, елимизге сырт еллерден келтирилип атырған өнимлердиң сапасы да үйренип барылмақта.

Соның менен бирге, өндиристе, экспорт ҳәм импорт процесслеринде стандартлар менен байланыслы және көплеген ўазыйпалар бар. Айырым тәртип-қағыйдалар исбилерменлерге қыйыншылық пайда етпекте.

Презентацияда усы мәселелерди шешиў, тараўдағы тәртиплерди жетилистириў бойынша усыныслар додаланды.

Мәселен, ҳәзирги күнде 3 мың 400 түрдеги өнимге санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ пенен бирге муўапықлық сертификаты да талап етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ алынатуғын өнимлердиң дизимин оптималластырыў, қосымша муўапықлық сертификаты талабын бийкар етиў мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырма берди.

Импорт өнимлери сынаўы бажыхана рәсмийлестириўи процесинде әмелге асырылып, оған 60 күнге шекем ўақыт кетпекте. Соның ушын, бул бойынша ҳүжжетлерди кеминде 30 күн алдын бажыхана электрон бағдарламасына жайластырыў системасын жолға қойыў ўазыйпасы белгиленди.

Тараўды жетилистириўде жәҳән тәжирийбесинен пайдаланылмақта. Соның ишинде, Европада тек ғана 28 түрдеги қәўпи жоқары болған өним мәжбүрий сертификатланады, қалған барлық түрдеги товарлар муўапықлығы декларациялаў арқалы тастыйықланады.

Презентацияда усындай системаны тәжирийбе-сынақ түринде әмелиятқа киргизиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Дәслепки басқышта 800 ге шамалас өним түри бойынша декларациялаў тәртиби енгизиледи.

Халықаралаық талаплар менен сәйкес келмеген қалған 11 мың миллий стандарттың орнына халықаралық стандартларды қабыл етиў және 2023-жылдан барлық кәрханаларды усы стандартларға өткериў бойынша көрсетпе берилди.

«Өзстандарт» агентлиги системасындағы 20 сынаў лабораториясының жумысын халықаралық дәрежеде шөлкемлестирип, биринши гезекте азық-аўқат, аўыл хожалығы, электр техникасы, жеңил санаат, гигиена ҳәм парфюмерия өнимлери және қурылыс материалларының халықаралық стандартларға муўапықлығын баҳалаўды жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Европа Аўқамының «GSP+» системасы шеңбериндеги жеңилликлерден кеңнен пайдаланыў ушын кәрханаларға халықаралық сертификатлар алыўда жәрдемлесиў керек екенлиги атап өтилди.

Жәҳән саўда шөлкеминиң Саўдадағы техникалық тосықлар ҳәм Санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажлары ҳаққындағы келисимлериниң нормаларынан келип шығып, бул тараўларға жуўапкер уйымлардың ўәкилликлерин анық белгилеў ўазыйпасы қойылды.

 

ӨзА