Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери арасында  футбол бойынша жарыс болып өтти.

Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланып «Динамо» денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң бириншилиги ушын өткерилген жарысқа 9 команда қатнасты.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги командасы биринши, Өзбекстан Миллий гвардиясының Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы командасы екинши, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Айрықша ўазыйпаларды атқарыўшы көшпели отряды командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

М.ХАЛМУРАТОВА,

Нөкис қаласы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги