Жыл басындағы дәслепки мағлыўматлар бойынша быйылғы жылдың суўғарыў дәўиринде суў там-тарыслығы бақланыўы болжанған еди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 10-апрельдеги 199-санлы қарары қабыл етилип, онда 2021-жылда күтилип атырған суў там-тарыслығының унамсыз тәсирин жумсартыў, экономикалық тармақларды суў менен турақлы түрде тәмийинлеў, бар болған суў ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Усы ўазыйпалардан келип шығып, суўды бөлистириў графиги ислеп шығылған. Усы график тийкарында районларға ҳәм магистраль каналларға гезекпе-гезек суў жеткерилиўи тәмийинленбекте.

 

Хабарда жазылыўынша, 28-апрельден баслап Әмиўдәрья бассейниниң жоқарғы бөлегиндеги «Термиз» гидропостында суўдың қәдди көтериле баслаған.

 

Түйемойын суў сақлағынан Әмиўдәрьяға жиберилип атырған суў муғдары көбейип, нәтийжеде бул 13-майдан «Тақыятас» гидроузелине жеткерип берилетуғын суў муғдарына тәсир ете баслады ҳәм усы тийкарда бөлистириледи.

 

Көбейген суў муғдарлары график тийкарында магистраль каналларға берип барылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.