Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасына Алмазар көшесинде жасайтуғын Инабат Атаевадан шаңарағы менен «Темир дәптер»де екенлиги себепли қызы Камила Палекееваны мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға орналастырыў ҳәм алдыннан төлеген шәртнама пулын қайтарып алыўында әмелий жәрдем сорап мүрәжат келип түскен еди.
Атап айтқанда, пуқара И.Атаеваның 2002-жылы туўылған қызы К.Палекеева Хожели районындағы Әбу Әли ибн-Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумына 2021-жылы төлемли шәртнама тийкарында «Мийирбийкелик жумысы» қәнигелиги бойынша оқыўға қабыл етилген ҳәм 2020-жылы 25-декабрь күни 1 миллион 800 мың сум пул қарыз алып шәртнама пулы төленген.
– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасының профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 2-бәнтинде, профессионал билимлендириў мәкемелерине жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған оқыўшылар және социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери қабыллаў параметрлеринен тысқары қосымша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланатуғыны, 2020/2021-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик грант тийкарында профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабылланған шахсларды оқытыў менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан әмелге асырылатуғыны көрсетилген,-дейди қабыллаўхана баслығы Д.Наурзбаев. – Үйрениўлер даўамында усы шаңарақтың кем тәмийинленгенлиги ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж екенлиги, «Темир дәптер»де дизимде бар екенлиги, Бюджеттен тысқары Пенсия фонды Тақыятас бөлиминиң «Социаллық жәрдем бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында 2490845-сан менен материаллық жәрдем алып киятырғанлығы анықланды.
Сонлықтан, жоқарыда көрсетилгенлерге тийкарланып, районлық Халық қабыллаўханасы К.Палекееваны мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў ҳәм шәртнама пулларын қайтарып бериў бойынша ол оқып атырған техникумға хат ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигине көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныс киргизди.
Халық қабыллаўханасы тәрепинен бир-неше мәрте усы шөлкемлерге барып, түсиник жумыслары алып барылғаннан кейин, алдыннан төленген 1 миллион 800 мың сум пул ийесине қайтарылды. Солай етип, пуқараның мүрәжаты унамлы шешилип, Президентимизге ҳәм тийисли тараў басшыларына миннетдаршылық билдирилмекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги