Әзиз ўатанласлар!
Елимиз мөмин-мусылманлары ҳәм пүткил халқымызды жер жүзиндеги ислам үммети тәрепинен кеңнен белгиленип атырған уллы ҳәм мүбәрек әййям – Рамазан ҳайыты менен шын жүрегимнен қутлықлайман.
Елимиз ушын инсаныйлық, сабыр-канаат, қайыр-сақаўат ҳәм шүкиршилик тымсалы болған усы мүбәрек байрам күнлеринде бәршеңизге өзимниң терең иззет-ҳүрметимди ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Ҳәммемиз гүўасы болып турғанымыздай, кейинги бир жылдан аслам ўақыт даўамында пүткил дүнья мәмлекетлери қатарында жанажан Өзбекстанымыз да пандемияға байланыслы қыйын сынақларды бастан өткермекте.
Бундай шараятта Рамазан айы ҳәм ҳайыт байрамының мәнисинде жәмленген мийрим-шәпәәт, мүтәж қатламларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў, турмыс тәшиўишлери менен машқалаларын биргеликте, өз-ара ийинлес болып шешиўдей жақсы қәдириятлар айрықша үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Өзиниң миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине садық, мийнеткеш ҳәм сақый халқымыз мине усындай жоқары пазыйлетлерди айқын көрсетип, муқаддес Рамазан айын тынышлық-парахатшылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик орталығында өткергени ҳәм усы қәдирли байрамды үлкен шадлық пенен күтип алып атырғаны оған айрықша қуўаныш бағышламақта.
Бүгинги күнде кең көлемли реформалар ҳәм түпкиликли өзгерислер нәтийжесинде жаңаланып атырған елимизде халық пенен пикирлесиў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин, соның ишинде, ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, бул бағдарда үлкен илажлар әмелге асырылмақта.
Бул ҳаққында сөз еткенде, халқымыздың бай ҳәм ески диний-руўхый мийрасын тиклеў ҳәм жедел үгит-нәсиятлаў, уллы ата-бабаларымыздың теберик зыярат етиў орынларын абат етиў бойынша алып барылып атырған салмақлы жумысларды айрықша атап өтиў керек.
Соның ишинде, Қашқадәрья ўәлаятында – калам илиминиң белгили ўәкили Абу Муин Насафий, Наманган ўәлаятында – суфизм тәлийматының ири ўәкили Султан Ўайис Қараний, Ташкент қаласында Сүзик ата естелик комплекслери қурылды. Көплеген мешитлер, медресе ҳәм диний зыярат етиў орынлары қайта қурылмақта ҳәм оңланбақта, пайтахтымыздағы Ислам цивилизациясы орайының қурылысы жедел даўам еттирилмекте.
Әлбетте, мүбәрек Рамазан айында және бир үлкен ийгиликли жумысты баслағанбыз – уллы муҳаддис бабамыз Имам Бухарийдиң Самарқанд ўәлаятында естелик комплексин оның мусылман дүньясындағы шексиз абырай-мәртебесине мүнәсип ҳалда қурыўға кирискенимиз сизлерге жақсы белгили.
Миллий тарийхымызда биринши рет көп томлық «Ислам» энциклопедиясы басып шығара баслағаны да муқаддес динимиздиң негизги мазмун-мәнисин халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Көлеми барған сайын кеңейип атырған бундай әмелий жумысларымыз жаңа Өзбекстанды қурыў, мәмлекетимизде Үшинши ренессанстың тийкарын жаратыў, Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығын арттырыў сыяқлы жақсы мақсетлеримизге үнлес болып, әсиресе барлық ўатанласларымызды мине усындай идеялар әтирапында және де бирлестириўге хызмет етип атырғаны итибарлы болып есапланады.
Ҳүрметли дослар!
Бүгинги жедел пәт пенен раўажланып атырған заман барлық салалар қатарында диний-ағартыўшылық тараўында да алдымызға жаңадан-жаңа ўазыйпаларды қоймақта.
Әсиресе, дүнья жүзи көлеминде бәсеки барған сайын кескинлесип, турақлылыққа қәўиплер қатаң түс алып атырғаны бизлерди ҳәмийше сергек болып жасаўға, перзентлеримизди физикалық ҳәм руўхый бәркамал етип тәрбиялаў сыяқлы оғада жуўапкершиликли жумысқа ҳәр қашанғыдан да тийкарғы әҳмийет бериўге шақырмақта.
Ислам дини – бәринен бурын, тынышлық ҳәм дослық, аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик, билим менен ағартыўшылық дини болып есапланады. Мине усы уллы ҳакыйқатты ҳеш қашан ядымыздан шығармаўымыз керек.
Бүгинги тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллетлер ҳәм халықлар, диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, пуқаралар арасындағы өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт орталығын буннан былай да беккемлеў бәршемиздиң тийкарғы миннетимиз.
Ағартыўшы бабамыз Маҳмудхожа Беҳбудийдиң «Дүньяда турыў ушын дүньялық илим керекдур», деген сөзлери бүгин де айрықша әҳмийетке ийе.
Солай екен, диний қәдириятларымызды, миллий өзлигимизди ҳүрметлеп жасаў менен, дәўир талабы болған заманагөй илимниң жетискенликлери, мәлимлеме технологияларын ийелеўге айрықша итибар қаратыўымыз, жас әўладымызды улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўымыз керек.
Ҳүрметли уламаларымыз, имам-хатиблеримиз, ата-аналар, устаз-оқытыўшылар, ҳүрметли нуранийлеримиз – кең жәмийетшилик тығыз биргеликте бул бағдарда және де жедел ҳәм нәтийжели жумыс алып барады, деп исенемен.
Қәдирли ўатанласлар!
Аллаҳ тааланың мийрим-шәпәәти жаўылатуғын усы берекетли ҳәм нурлы күнде сизлерди және бир мәрте әзиз кәраматлы Рамазан ҳайыты менен қызғын қутлықлайман.
Дүньяның алыс-жақын мәмлекетлери мусылманларын да қызғын қутлықлап, оларға тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық яр болыўына тилеклеспен.
Мийнеткеш ҳәм ҳақкеўил халқымыздың уллы Рамазан Ҳайыты байрамында еткен барлық жақсы нийет ҳәм дуўалары қабыл болсын!
Жанажан Ўатанымызды, әзиз халқымызды Жаратқанның Өзи панасында сақласын!
Рамазан ҳайыты бәршемизге мүбәрек болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ
Өзбекстан Республикасы Президенти