Арал теңизиниң қурыўы Орайлық Азия регионы ушын үлкен экологиялық машқалаларды келтирип шығарды. Президентимиздиң басшылығында бул машқалаға дүнья итибарын қаратыў, усы регионда жасап атырған халыққа ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мақсетинде бир қатар ири жойбарлар әмелге асырылмақта.

Усы жыл 14-15-май күнлери Мойнақ районындағы Арал теңизиниң қурыған ултанында  «Стихия» атамасында илим, көркем өнер ҳәм электрон музыкалары фестивалы болып өтти.

Туризм ҳәм спорт министрлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен өткерилген дәстүрий халықаралық фестивальда  Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, АҚШ, БАА, Франция, Германия, Италия, Уллы Британия, Нидерландия, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлерден келген 500 ге шамалас туристлер,  ўәлаятлардан келген бир неше мыңлаған мийманлар, аймақ турғынлары қатнасты.

Бул фестиваль 2018-жылдан берли өткерилип келинбекте. Фестивальды өткериўден мақсет – дүнья жәмийетшилигин, әсиресе, жаслардың итибарын Арал апатшылығына қаратыў, ҳәр бир жасты Арал теңизиниң тарийхы менен таныстырыў, оның қурыўы ҳәм аянышлы аўҳалынан хабардар етиў, бундай қәте-кемшиликлерди келешекте такирарламаўға, қоршаған орталыққа итибарлы болыўға шақырыў болып есапланады.

Фестивальда сырт елли эстрада қосықшылары ҳәм елимиздиң көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қатнасыўшылар еки күн даўам еткен фестивальда Россия, Қазақстан, Түркия ҳәм басқа да еллерден келген көркем өнер шеберлериниң, эстрада қосықшыларының ҳәм жергиликли диджейлердиң шығыўларын тамашалады.

– Мен досларым менен бирге АҚШтың Нью-Йорк қаласынан Өзбекстанды көриў, әсиресе, Арал теңизиниң қурыўына байланыслы өткерилип атырған усы фестивальға қатнасыў ушын келдим,-дейди келген мийманлардың бири. – «Кемелер қойымшылығын» көрип, қатты ашындым. Бийиктен қарап турғанымда Арал теңизи усы жерге шекем келип, жағаларына толқынын шашыратып, кемелер ол жақтан бул жаққа қатнап жүзип жүргенин көз алдыма келтирдим. Бундай апатшылық келешекте тәкирарланбаўы керек.

Илаж даўамында сырт еллерден келген атақлы музыка продюссерлери ҳәм жаслардың қатнасыўында «Стихия Н+1» киши форумы да өткерилди. Мийманлар Арал теңизи ултанындағы қара үйлердиң қурылыўы, қол өнери үлгилери, Музей менен танысты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги