Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде «12-май – Халықаралық мийирбийкелер күни» мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.
Салтанатлы кешеде Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов республикамыздың емлеў орынларында жумыс ислеп атырған орта буўын медицина хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм орта буўын медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери арасында жылдың ең жақсыларын анықлаў мақсетинде өткерилген таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышында «Жылдың ең жақсы фельдшери» номинациясы бойынша 1-орынды ийелеген Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы тез медициналық жәрдем бөлими фельдшери Низаматдин Қәлимбетов, «Жылдың ең жақсы мийирбийкеси» номинациясы бойынша 3-орынды ийелеген академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы Нөкис филиалы мийирбийкеси Надира Жангабаева , «Жылдың ең жақсы тез медициналық жәрдем станциясы мийирбийкеси» номинациясы бойынш 3-орынды ийелеген Елликқала районлық медицина бирлеспеси тез медициналық жәрдем бөлими фельдшери Дәстан Баймурадов ҳәм усы таӊлаўдыӊ Қарақалпақстан Республикалық басқышында жеңимпазлықты қолға киргизген орта буўын медицина хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы шөлкеми Республикалық Кеңеси ҳәм усы аўқамның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғаларын тапсырды.
Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги