Кегейли районы «Қумшүңгил» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Кегейли өнерментлери кластери» тәрепинен 10 гектар жерге америка талы отырғызылмақта.
Кластер басшысы Қ.Хўжаевтың бизге мәлим етиўинше, бул жерге 10 миллион дана америка талы алып келинип, отырғызыў жумыслары алып барылады. Кейин ала усы жылдың ноябрь айында таллардың шақасынан себет тоқыў жумысларын жолға қойыў жобаластырылған.
– Бул жумыс пенен 16 жылдан берли шуғылланаман. Ташкент, Әндижан, Ферғана, Сурхандәрья ўәлаятларында усындай егислик жерлерге тал отырғызып, жақсы өним алып, себет тоқыўды жолға қойғанбыз, – дейди жас исбилермен Қ.Хўжаев. – Бул жойбарға 1,5 миллиард сум қаржы киргиздик. Несип етсе усы жерде себет тоқыўды жолға қоямыз.
Район ҳәкими Д.Утемуратов «Қумшүңгил» АПЖ аўыр жағдайдағы аймақ есапланып, бул жерде жумыс баслап, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўди нийетлеген исбилерменлер 5 жылға шекем салықлардан азат етилетуғынын мәлим етти.
Ҳәзирги ўақытта усы аймақтың жумыссыз, социаллық жағдайы төмен шаңарақлардың ҳаял-қызлары себет тоқыўға үйретилип, оларға турақлы түрде семинар-тренинглер өтилмекте.
Усы жойбар арқалы районның 1000 нан аслам ҳаял-қызларын жумыс пенен тәмийинлеў көзде тутылған.
Бизге мағлыўмат берилиўинше, ҳәр бир жумысшы тоқыған бир дана себети ушын 10 мың сумнан ҳақы алады.
– Биз дәслеп бул талды алып келместен бурын жергиликли климатлық шараятларды жақсылап үйрендик. Отырғызылып атырған америка талы көп жыллық болып, ҳеш қандай жер таңламайды. Қатар арасы 40-50 см ден отырғызылады. Алдағы ўақытларда тек ғана себет емес, үй ҳәм жумыс орны ушын мебельлер ислеп шығарыў кәрханасын иске қосыўды мақсет еткенбиз, – дейди Қ.Хўжаев.
Егер усы жумыслар толық жолға қойылса Кегейлиде тоқылған себетлер тек ғана ишки базарға емес, Қазақстан ҳәм Россия мәмлекетлери базарларына да шығарылыўы жобаластырылған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.