Бир неше күн даўамында «Ўздавкарантин» инспекциясы баслығының орынбасары Б.Муродов, район ҳәкимлери, олардың аўыл-хожалығы мәселелери бойынша орынбасарлары, тийисли районлық шөлкемлердеги қәнигелердиң қатнасыўында карантин хызметине байланыслы ушырасыўлар өткерилди.
Буннан тийкарғы мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 13-октябрдеги «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметлер жумысларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, республика аймағында өсимликлер клиникалары, биолабораториялар ҳәм таңлап алыўшы, қадақлаўшы өндирислик кәрханаларды шөлкемлестириў болып есапланады.
Ушырасыўлар даўамында исбилерменлердиң машқалалары тыңланып, оларға шешим табыў бойынша әмелий жәрдемлер берилди. Район басшыларына усы тараўда хызмет көрсетиўди қәлеўши исбилерменлерди табыў, оларға исбилерменлик жумысындағы жеңилликлерди түсиндириў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Атап айтқанда, ушырасыўлар даўамында өсимликлер клиникасы 2022-жылдың 1-январына шекем жер салығы, юридикалық тәреплердиң дәрамат ҳәм мүлк салығынан ҳәм бирден-бир салық төлемлерин төлеўден азат етилетуғыны атап өтилди.
Соның менен бирге, Қанлыкөл, Қараөзек, Беруний, Қоңырат, Тахтакөпир районларында өсимликлер клиникасын шөлкемлестириўди қәлеўши пуқаралар менен сәўбетлесиўлер өткерилип, машқалалары үйренилди.
Келешекте бул хызметлердиң жолға қойылыўы республикада аўыл хожалығы өнимлериниң зыянланыўының алдын алыў, ишки ҳәм сыртқы базарларға фитосанитар таза өнимлердиң шығыўына, сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт көлеминиң артыўына хызмет етеди.
Сондай-ақ, ушырасыўлар даўамында агроном-инспекторлардың кәсиплик ҳәм ҳуқуқый билимлерин арттырыў мақсетинде оқыў-семинарлар шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги