Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги менен биргеликте райондағы социаллық-экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери ҳәм алдағы исленетуғын жумыслар менен танысыў мақсетинде медиа-тур шөлкемлестирилди.
Медиа-тур даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер райондағы «Пийшенбай шарўа» фермер хожалығында болып, әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. Өз жумысын 2017-жылы 25 қарамал ҳәм қой-ешкилер менен баслаған фермер хожалығында бүгинги күнде 60 тан аслам жергиликли ҳәм нәсилли қарамаллар бағылмақта.
– Жақында 300 миллион сум кредит алып, жергиликли түйетаўық бағылатуғын ферма ашыўды жобаластырып отырман, – дейди фермер хожалығы баслығы Рахат аға.
Район ҳәкими Д.Утемуратов усы жерде алдағы ўақытта гидропоника усылында қарамаллар ушын от-жем жетилистирилетуғын «Кегейли органика» кооперативин қурыў жобаластырылғаны, жойбардың әҳмийети ҳаққында журналист ҳәм блогерлерге мағлыўматлар берди.
Сондай-ақ, райондағы «Агрокомплекс Қарақалпақстан» хожалығы жумыслары таныстырылды. Сүт ҳәм гөш өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен хожалықта Германиядан алып келинген 62 бас симменталь нәсилли қарамал күтимли бағылмақта. Қарамаллардан ҳәр күни 300-350 литр сүт өнимлери алынып, райондағы ҳәм Нөкис қаласындағы базарларға сатыўға шығарылмақта. Май-сентябрь айларында және 31 бас нәсилли қарамал алып келинип, алдағы ўақытта сүт ҳәм сүт өнимлерин қайта ислеў кәрханасының жумысларын жолға қойыў жобаластырылған. Қарамаллардың жергиликли климатқа ийкемлисиўи ушын бул жерде жаңа имарат қурылысы ҳәм ыссы ҳаўа райында салқынлатып, ал суўық күнлери жыллылықты тәмийинлеўши система орнатылып атырғанының гүўасы болдық. Хожалықта бүгинги күни 10 нан аслам адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Район ҳәкимлиги тәрепинен хожалыққа 10 гектар жер ажыратылып, оған мәкке, жүўери, жоңышқа ҳәм басқа да жуғымлы от-жемлик егинлер егилетуғыны мәлим етилди.
Районда «темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлар ушын айрықша итибар қаратылып, оларды турақлы жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Бир ғана «Қуяшлы» елатында З.Шарапов ҳәм Э.Пиржановалардың шаңарағына 14% тен 3 жылға 30 миллион сум кредит ажыратылып, олардың ыссыхана шөлкемлестириўине әмелий жәрдем көрсетилди. Февраль айынан баслап өз ыссыханасын иске түсирген усы пуқаралар бүгинги күни помидор ҳәм қыярларды жетистирип, район базарына арзан баҳаларда шығармақта.
– Көмир ҳәм отын менен ысытыўды жолға қойдық. Помидор ҳәм қыярларды тамшылатып суўғарып, мол өним алып отырмыз. Келешекте усы жумысларды кеңейтип, дәраматымызды арттырыўды нийетледик, – дейди З.Шарапов.
Медиа-тур даўамында райондағы «Ийшан қала» естелик комплекси ҳәм басқа да орынларға сапарлар, сондай-ақ, район ҳәкими ҳәм сектор басшылары қатнасыўында баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. Булар ҳаққында кейинги материалларымызда толық тоқталамыз.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.