Халық санының өсиўи, жер, суў ҳәм энергия ресурсларына болған талаптың артыўы, сондай-ақ, климаттың кескин өзгериўи азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге тәсир ететуғын тийкарғы факторлар болып есапланады.

Президентимиздиң 2019-жыл 23-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық 10 жыллық режелер ислеп шығылған еди.

Күннен-күнге жаңаланып атырған елимизде бул тараўда узақты гөзлеп жумыс алып барыў тек бүгинги күн емес, ал келешек әўлад ўәкиллери ушын да әҳмийетли қәдем болды.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң узақты гөзлеп әмелге асырып атырған аўыл хожалығы тараўындағы реформалары елимизде усы тараўда жаңа басқышларды белгилеп бермекте,-дейди Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Беруний районлық бөлиминиң баслығы У.Қаландаров. – Пәрманға муўапық Беруний районында да ири жойбарларға қол урылды.

2020-жылы дүньяға қәўип салған коронавирус пандемиясы себепли халықтың азық-аўқатқа ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине болған талабы артты. Усыларды есапқа алған ҳалда аўыл хожалығы кәрханаларына ажыратылған жерлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, егин түрлерин дурыс жайластырыў, экспортқа мөлшерленген егинлердиң егилиўин шөлкемлестириў, пиллешилик тараўын раўажландырыў, шарўашылық, қусшылық, балықшылық тараўларында өнимдарлықты арттырыў илажларын көрип барыўымыз талап етиледи.

Өткен 2020-жылдың өними ушын 3350 гектар жерге дәнли егинлер егилип, «Төрткүлдәнөнимлери» ЖШЖ ҳәм фермер хожалықлары арасында мәмлекет зәрүрлиги ушын 7302 тонна дән тапсырыў бойынша контрактация шәртнамалары дүзилген еди. Мәмлекет қырманына 7652 тонна дән тапсырылып, реже 104,8 процентке орынланды.

2021-жылдың өними ушын районда 3800 гектар жерге гүзги бийдай егилди. Районда пахта, ғәлле, гүнжи ҳәм мийўе-овощ егинлери бойынша кластер системасы енгизилген. Сондай-ақ, 2020-жылда 250 гектар жерде жаңадан интенсив бағ жаратыў белгиленген еди. Сол жылдың өзинде райондағы Алтынсай АПЖ аймағында 146 гектарлық жаңа бағ пайда етилди. Быйылғы жылы бул жумыслар даўам етип, реже бойынша 60 гектарлық жерде мийўе нәллериниң экспортқа мөлшерленген сортлары егилди. Бағлардың қатар араларына палыз егинлери де егилип, жерлерден нәтийжели пайдаланыўға ҳәрекет етилмекте.

Районда реже бойынша жумыслар даўам етпекте.

Аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм нызамбузыўшылыққа жол қоймаў бағдарында агроинспекцияның районлық бөлими тәрепинен турақлы түрде қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги