29-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Түркменстанда болды.

Ашхабад  халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары – сыртқы ислер министри Рашид Мередов күтип алды.

Ашхабад қаласында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедовтиң ушырасыўы болып өтти.

Сәўбетлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Түркменстан жетекшисине әкеси Маликгули Бердимуҳамедовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен Өзбекстан халқы ҳәм жеке өзиниң атынан және бир мәрте терең кеўил айтты.

Маликгули Бердимухамедов түркмен халқының садық перзенти ҳәм ҳақыйқый ўатансүйиўшиси болғаны, өз елиниң раўажланыўына үлкен үлес қосқаны атап өтилди.

Түркменстан Президенти кеўил билдиргени ушын миннетдаршылық билдирип, туўысқан өзбек халқы ҳәм оның жетекшиси бундай мусийбетли демлерде жубаныш болып атырғанын жоқары баҳалайтуғынын ҳәм қәдирлейтуғынын  айрықша атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери еки тәреплеме ҳәм регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелерин додалады.

Өзбекстан жетекшиси Гурбангули Бердимухамедовты Түркменстан Миллий Кеңесиниң Халық Мәсләҳәти баслығы етип сайланғаны менен  қутлықлады, бул мәмлекеттиң раўажланыўы жолында әмелге асырылып атырған сиясат Түркменстан халқы тәрепинен исенимли қоллап-қуўатланып атырғанының айқын дәлили екенин атап өтти.

Пандемия менен байланыслы қыйын дәўирде Өзбекстан – Түркменстан қатнасықлары унамлы пәт пенен раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Биргеликтеги ҳәрекетлер себепли кейинги жылларда товар алмасыў баҳасы үш  еседен асламға көбейди ҳәм өткен жылдың жуўмақларына бола  530 миллион  долларға жетти, 150 ден аслам биргеликтеги кәрхана шөлкемлестирилди.

Соның менен бир қатарда саўда, инвестициялар, санаат кооперациясы бойынша, бәринен бурын транспорт, энергетика, машина қурылысы, жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында бар потенциалды буннан былай да толық иске қосыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

Халықаралық транспорт ҳәм транзит жолын жаратыў ҳаққындағы Ащхабад келисимин буннан былай да биргеликте алға қойыў, сондай-ақ, Қытай – Орайлық Азия – Қубла Кавказ – Түркия  мультимодал муршрутының нәтийжели ислетилиўин тәмийинлеў ҳәм транспорт-логистика инфраструктурасын раўажландырыў бағдарындағы бирге ислесиўди даўам еттириўге  тәреплер таяр екени атап өтилди.

Сөйлесиўлерде халықларымыздың жақынлығының ең әҳмийетли факторы сыпатында мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм беккемлеў әҳмийетли екени және бир мәрте атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Түркменстан басшысына оның халықларымыз арасындағы дослық қатнасықларының гезектеги айқын белгиси сыпатында Ашхабад қаласында «Ташкент» бағын қурыў басламасы ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.

Бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңа өсиў ноқатларын излеў мақсетинде жақын ўақытта Ташкент қаласында Саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Түркменстан хүкиметлераралық  комиссиясының гезектеги мәжилисин өткериўге қарар етилди.

Ушырасыўдың жуўмағында Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери еки мәмлекет халықларының көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў жолында өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет принциплери тийкарындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын избе-из беккемлеўде исенимли екенлигин атап өтти.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедов «Туркменбасы руўхы» комплексине барды.

Түркменстанның биринши Президенти Сапармурат Ниёзовтың мавзолейи зыярат етилди.

Қайтыс болғанлардың атына Қуран сүрелери оқылды.

Комплекс жанында Түркменстан Президентиниң әкеси Маликгули Бердимухамедовтың естелигине бағышлап ифтар дастурханы жайылды. Илажда еки мәмлекеттиң  муфтийлери, уламалар, жасы үлкенлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында Маликгули атаның қайтыс болыўы мүнәсибети менен халқымыз атынан қайғырыў менен терең кеўил билдирди. Марҳумның ибратлы турмысы, жемисли мийнети, саўаплы ислери ядқа алынды.

– Өзбек ҳәм түркмен халықлары бурыннан бир-бирине ийинлес болып, дос болып жасап келмекте. Уллы ойшыл Махтумқулының: Пырағыйдиң еки көзи бар, Бири түркмен болса, бири өзбегим, деген өшпес қатарлары да буны тастыйықлайды. Бүгинги еске алыў мәресими  де әне усы әзелий туўысқанлық ҳәм дослығымыздың және бир әмелий дәлили болып есапланады, – деди Шавкат Мирзиёев.

– Ораза тутыўшылар Алла-тааладан дүньяға тынышлық, саламатлық, халықларымыздың дослығы ҳәм туўысқанлығы  беккем болыўын тилеп пәтия берди.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң әмелий сапары жуўмақланды. Мәмлекетимиз басшысын Ашхабад халықаралық аэропортында Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедов шығарып салды.

 

ӨзА