Бүгин, 29-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстанға әмелий сапары болып өтеди.

Сапар етиў бағдарламасында Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен еки тәреплеме ушырасыў өткерилиўи нәзерде тутылған.

Сөйлесиўлер күн тәртибинен Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиў ҳәм регионаллық шерикликти кеңейтиў мәселелери орын алған.

Мәмлекет басшылары Түркменстан жетекшисиниң әкеси Маликгули Бердимуҳамедовты еске алыўға бағышланған илажларда қатнасады.

 

ӨзА