Британиялы системалы биологиялық ҳәм узақ өмир сүриў тараўында эксперт Эндрю Стил қартайыўды кешиктиретуғын жети әпиўайы әдетлерди келтирип өтти, деп жазады Express басылымы.
Турақлы физикалық ҳәрекет, саламат уйқы, азық-аўқат қосымшаларынан ўаз кешиў, аўқатта овощлардың көп болыўы, қан басымы ҳәм жүрек соғыўын қадағалап барыў, Тислерди саламат сақлаў ҳәм әдетсиз диеталардан ўаз кешиў ҳаққында сөз етилмекте.
Қәнигениң атап өтиўинше, ҳәттеки, турақлы түрде ҳәр күни он минут пияда жүриў де унамлы нәтийже береди екен. Денетәрбия шынығыўларын ислеп атырғанда организмди қыйнамаў керек, деп ескертеди Стил. Оның пикиринше, ҳәдден тыс шаршаў өмирдиң даўамлылығын қысқартыўы мүмкин.
Буннан алдын АҚШтағы Стэнфорд университетиниң илимпазлары адамның қартайыў процесинде үш тийкарғы басқышты мәлим етти.
Қәнигелер жасы 18 ден 95 ге шекем болған 4263 адамның қан плазмасын анализлеп, үш мыңға шамалас ҳәр қыйлы түрдеги белокларды үйренген ҳәм олардан организмдеги үлеси 10 жыллар даўамында өзгериссиз қалғанына гүўа болғанын жазған еди. Илимпазлардың атап өтиўинше, бирақ жасы 34, 60 ҳәм 78 жастағы кеўиллилерде белоклар дәрежесинде сезилерли өзгерислер бақланған.
ӨзА