Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы музейинде көркем өнертаныў факультетиниң бир топар дөретиўши студент-жаслары тәрепинен есабат көргизбеси өткерилди.
Көргизбеде студентлердиң сүўретлеў өнери, графика, гүлалшылық бойынша ислеген 60 қа шамалас дөретиўшилик жумыслары қойылды.
– Қызықлы ҳәм тәсирлерге бай болған бул көргизбеде жаслардың дәслепки жумысларын көриўимизге болады. Олардың профессионаллыққа умтылыўлары жоқары, – дейди көркем өнер изертлеўшиси Шохиста Абдурахманова. Көргизбеге Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилик аўқамының ағзасы, белгили скульптор Қурбан Норхўрозовтың қатнасыўы ҳәм устаздың көркем өнер бойынша мәсләҳатлери жаслар ушын үлкен әҳмийетке ийе болып, оларды қуўанышқа бөледи.
Студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм музей эспонатларын тамашалап, кеўилли дем алды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы