23-апрель күни сырт мәмлекетлердиң елимизге жаңадан тайынланған елшилери тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бангладеш Халық Республикасының елшиси Муҳаммад Жаҳонгир Аълам, Чехия Республикасының елшиси Вацлав Йилек, Египет Араб Республикасының елшиси Амира Фаҳмий, Иордания Хошимийлер Патшалығының елшиси Демия Зуҳайр Ҳаддод, Түркия Республикасының елшиси Олган Бекар, Европа Аўқамы делегациясының баслығы Шарлотт Адриан ҳәм Россия Федерациясының елшиси Олег Мальгиновтан исеним жарлықларын қабыл етип алды.

Илаж алдынан мәмлекетимиз басшысы жаңадан тайынланған елшилерди мәмлекетимиздеги дипломатиялық миссиясының басланғаны менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық структуралар менен конструктивлик қарым-қатнасты буннан былай да раўажландырыў, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм әмелий шерикликти кеңейтиўге айрықша әҳмийет қаратып атырғаны атап өтилди.

Елимизде әмелге асырылып атырған демократиялық жаңаланыўлар, жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған стратегиялық бағдарлама ҳәм жойбарлардың тийкарғы бағдарлары айрықша атап өтилди.

Бул бағдарда пандемияның ақыбетлерин жеңип өтиў ҳәм турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, халықтың барлық қатламларын мәнзилли қоллап-қуўатлаў және олардың турмыс дәрежесин арттырыў, узақ мүддетли өсиўдиң жаңа ноқатларын қәлиплестириў ҳәм мәмлекетимиздиң глобаллық бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў мәселелери дыққат орайында турыпты.

Сыртқы сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳаққында сөз етип, Өзбекстан Президенти Орайлық Азия регионының мәмлекетлери ҳәм дүньяның жетекши мәмлекетлери менен стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықлары избе-из беккемленип атырғанын атап өтти.

Бүгин биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен саўда, инвестиция ҳәм инновациялар, санлы технологиялар ҳәм «жасыл экономика», транспорт, транзит ҳәм логистика, қаржы, медицина ҳәм көплеген басқа да тараўлардағы бирге ислесиў кеңейип бармақта.

Соның менен бир қатарда Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ҒМДА, ШБШ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий кеңес ҳәм басқа да абырайлы структуралар шеңбериндеги тығыз қарым-қатнасты даўам еттирип, көп тәреплеме байланысларды раўажландырмақта, глобаллық финанслық институтлар менен шерикликти кеңейтпекте.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа елшилер ўәкиллик етип атырған мәмлекетлер менен кең көлемли ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўдиң перспективаларына айрықша тоқтап өтти.

Бангладеш Қубла Азиядағы әҳмийетли бирге ислесиўшимиз есапланады, дос халықларымызды руўхый ҳәм мәдений қәдириятлар, муқаддес динимиз әзелден байланыстырып келеди.

Еки тәреплеме сиясий мәләҳәтлесиўлерди турақлы өткериў, тоқымашылық, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлардағы кооперацияны күшейтиў әҳмийетли екени атап өтилди. Еки мәмлекеттиң өз-ара саўда ҳәм туристлердиң ағымын түпкиликли көбейтиў ушын барлық имканиятларға ийе. Усы мақсетте байланысларды жеделлестириў ҳәм Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның потенциалын толық иске қосыў зәрүр.

Чехия Республикасы бизлердиң Европадағы исенимли ҳәм перспективалы шеригимиз болып есапланады.

Өзбекстан Президенти соңғы жылларда еки тәреплеме қатнасықлар жедел пәтте раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Пандемияға қарамастан, мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў өткен жылы үш есеге көбейип, 500 миллион доллардан артты.

Жоқары технологиялар ҳәм инновациялар, автомобиль санааты, аўыл хожалығы машина қурылысы, энергетика, медицина, билимлендириў ҳәм туризм сыяқлы тараўларда қоспа жойбарлар портфелин қәлиплестириў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди. Бул келешектеги жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың мазмунлы күн тәртибин қәлиплестириўге хызмет етеди.

Египет елшисине мүрәжат етип, Өзбекстан Президенти еки тәреплеме қатнасықларымыз сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтти.

Оған Египет Президенти Абдулфаттоҳ Ас-Сиси 2018-жыл сентябрь айында мәмлекетимизге әмелге асырған тарийхый сапар етиўиниң жемисли нәтийжелери хызмет етти.

Бирге ислесиў бойынша иске қосылмаған үлкен потенциалдан нәтийжели пайдаланыў, соның ишинде, бирге ислесиўдиң институционаллық механизмлерин жеделлестириў усыныс етилди.

Аўыл хожалығы, тоқымашылық санааты, фармацевтика, саўда, туризм, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда анық жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәрипатлы ислам идеялары ҳәм қәдириятларын терең үйрениў және үгит-нәсиятлаў әҳмийетли бағдарлардан бири сыпатында атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның жақын ҳәм исенимли бирге ислесиўшиси – Иордания менен еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Шерикликти жеделлестириў ушын зәрүр ҳуқықый тийкарларды қәлиплестириў, саўда, кооперация ҳәм исбилерменлик байланысларды жолға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасын таярлаў әҳмийетли болып есапланады.

Буннан тысқары, БМШ, ИБШ ҳәм басқа да абырайлы халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги тығыз қарым-қатнас ҳәм өз-ара жәрдем даўам еттириледи.

Өзбекстан Президенти жоқары дәрежеде өткерилип атырған турақлы ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер себепли Түркия менен стратегиялық шериклик қатнасықларында ерисилген бүгинги дәрежени жоқары баҳалады.

Бүгин исенимге тийкарланған сиясий сөйлесиў қәлиплести. Пандемияға қарамастан, делегациялар менен алмасыў жедел даўам етпекте. Атап айтқанда, соңғы айларда Түркия сыртқы ислер ҳәм саўда министрлериниң басшылығындағы делегациялар сапар менен мәмлекетимизде болды.

Түркияның жетекши компаниялары менен банклериниң қатнасыўында ири саўда, инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарлары әмелге асырылмақта. Аймақлараралық сөйлесиўлер жолға қойылды, билимлендириў, мәденият ҳәм кино тараўларында қоспа бағдарлама ҳәм илажлар табыслы өткерилмекте.

Болажақ саммитлерге – Түркий кеңестиң Стамбулдағы гезектеги мәжилиси ҳәм Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның Өзбекстанға рәсмий сапарына таярлық көрилмекте.

Европа Аўқамы дәстүрий тәризде мәмлекетимиздиң әҳмийетли стратегиялық шериги болып ҳәрекет етпекте.

Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм ЕА арасындағы тең ҳуқықлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған көп қырлы бирге ислесиўге жаңадан пәт ендирилмекте.

Европалы бирге ислесиўшилер тәрепинен елимизде әмелге асырылып атырған демократиялық жаңаланыўлар, экономикалық реформалар ҳәм трансформация процесслерине көрсетилип атырған ҳәр тәреплеме жәрдеми айрықша атап өтилди. Мәмлекетимизге ЕА Преференциялар бас системасының бенефициар статусы берилгени биргеликте ерисилген табыс ҳәм еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли жетискенлиги сыпатында тән алынды.

Бүгинги күнде Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим жойбары бойынша жедел сөйлесиўлер даўам етпекте. «Өзбекстан – Евроаўқам» ҳәм «Орайлық Азия – Евроаўқам» форматларында нәтийжели сөйлесиў де раўажланбақта.

Жоқары дәрежеде өткерилиўи режелестирилген илажлар көп қырлы Өзбекстан – Европа қатнасықларын принципиаллық жақтан жаңа басқышқа көтериўге хызмет ететуғынына исеним билидирилди.

Президентимиз атап өткениндей, Өзбекстан менен Россияның стратегиялық шериклиги ҳәм аўқамласлығы мисли көрилмеген жоқары дәрежеге жетти.

Биргеликтеги ис-ҳәрекетлер ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў себепли бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында жедел раўажланыў бақланбақта.

Саўда, инвестициялар, энергетика, санаат, металлургия, аўыл хожалығы, транспорт, инфраструктура, банк-финанс, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, туризм ҳәм көплеген басқа да тараўларда ири жойбарлар ҳәм бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Ташкент қаласында жақында өткерилген «Иннопром» халықаралық көргизбе Россиядан тысқарыда биринши рет шөлкемлестирилген болып, кең көлемли бирге ислесиўде үлкен потенциал ҳәм имканиятлар бар екенин және бир мәрте көрсетти.

Буннан тысқары, ҒМДА, ШБШ, Евразия экономикалық аўқамы ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара пайдалы сөйлесиў кеңейип бармақта.

Бүгинги күнде тәреплер Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путинниң Москвадағы болажақ саммитине күшли таярлық көрип атырғаны атап өтилди. Усы ушырасыў еки тәреплеме стратегиялық ҳәм аўқамласлық қатнасықларын раўажландырыўда жаңа тарийхый басқышты баслап беретуғыны күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында дипломатиялық ўәкилханалардың басшыларына олардың Өзбекстан менен дослық байланыслары ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў жолындағы жуўапкершиликли ҳәм абырайлы жумысына үлкен табыслар тиледи.

Өзбекстан Президенти жаңадан тайынланған елшилер менен қысқа сәўбетлер өткерди.

Дипломатлар қызғын қабыллағаны ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўға жаратылған шараятлар ушын миннетдаршылық билдирип, еки тәреплеме байланысларды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға бар күш-жигерин жумсайтуғынын атап өтти.

 

ӨзА