23-апрель күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов видеоконференцбайланыс арқалы Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ сыртқы сиясат уйымлары басшыларының «C5+1» форматындағы гезектеги ушырасыўында қатнасты.

Ушырасыўға Қырғыз, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан Республикалары Сыртқы ислер министрлери ҳәм АҚШ мәмлекетлик хаткери қатнасты.

Сыртқы сиясат уйымларының басшылары экономика, регионда қәўипсизликти тәмийинлеў, климаттың өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм Аўғанстанда беккем тынышлыққа ерисиўге жәрдемлесиў бағдарларындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты.

Орайлық Азия мәмлекетлери арасында дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары тереңлестириў, регионда турақлылықты тәмийинлеў және оның экономикалық раўажланыўына ерисиў Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы баслы бағдары есапланатуғыны атап өтилди.

Өзбекстан СИМ басшысы климаттың өзгериў қәўип-қәтерлерин нәтийжели шешиў бағдарындағы халықаралық ҳәрекетлерди бирлестириў мәселелерине тоқтап өтти. Министр илаж қатнасыўшыларының дыққатын Арал теңизи апатшылығының Орайлық Азиядағы экосистема ҳәм биокөптүрлиликке көрсетип атырған унамсыз тәсирине қаратты. Усы көзқарастан Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша БМШ басшылығындағы көпшериклик Траст фонды шеңбериндеги бирге ислесиўди жеделлестириўдиң әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Қайта тиклениўши энергия дәреклериниң технологияларын ҳәм экологиялық турақлы инновацияларды енгизиў, суў ресурсларын басқарыўды санластырыў ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды қолланыў көлемин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

А.Комилов Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ сыртқы сиясат уйымлары басшыларын быйыл июль айында Ташкент қаласында өткерилетуғын «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық байланыслылық. Қәўиплер ҳәм имканиятлар» темасындағы жоқары дәрежели халықаралық конференцияға мирәт етти.

 

ӨзА