«Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы халықаралық стандартлар ҳәм гуманизм принципин кеңнен енгизиў ўазыйпасы қойылған.

Усы ўазыйпа шеңберинде Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) тәрепинен ҳәр шеректе жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте тергеў изоляторы ҳәм жазаны өтеў мәкемелерине «мониторинг сапарлары» системасын жолға қойыў илажларының көрилиўи белгиленген.

Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша Омбудсман Миллий превентив  механизм шеңберинде жумыс ислейтуғын жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат экспертлер топары тәрепинен ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген пуқаралар сақланатуғын орынларға усы жылдың биринши шерегинде 25 мәртебе мониторинг сапарын әмелге асырған.

Мыңнан зыят қамақтағылар менен жәмийетлик ушырасыў және 217 қамақтағы пуқаралар менен жеке тәртипте сөйлесиўлер өткерилген. Омбудсманның атына қамақтағылар, олардың шаңарақ ағзалары тәрепинен 57 шағым келип түскен.

Мүражат ийелери менен мониторинг сапарлары даўамында ушырасыўлар өткерилип, машқалалар шешилген.

Ташкентте «Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў – Өзбекстандағы реформалардың тийкары»  атамасында шөлкемлестирилген дөгерек сәўбетинде бул ҳаққында сөз болды.

Олий Мажлистиң инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайы ҳәм И.Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университетиниң Ташкент қаласындағы филиалы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Дөгерек сәўбетинде Өзбекстанның инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы сиясаты халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынып атырғаны, сондай-ақ, Өзбекстанның БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине ағза болғаны тарийхый ўақыя екени атап өтилди.

Елимизде балалар мийнети толық сапластырылып, Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (омбудсман) орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил жумысы жолға қойылды.

Омбудсман Феруза Эшматова Өзбекстан Республикасы Президентиниң БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде Қыйнаўлардың алдын алыў бойынша миллий превентив механизм шеңберинде инсанның қәдир-қымбатын жерге уратуғын, адамгершиликке қайшы болған қыйнаўлардың ҳәр қандай көринисине буннан былай да пүткиллей жол қойылмайтуғынлығының атап өтилгенине айрықша тоқтап өтти.

Омбудсман жумысының ҳуқықый тийкарлары беккемленип, Ўәкил ўәкилликлери кеңейтилди, Омбудсман жанында қыйнаўлардың алдын алыў бойынша Миллий превентив механизм жолға қойылды. Усы арқалы жазаны орынлаў мәкемелеринде, тергеў қамақханалары ҳәм басқа да жабық мәкемелерде инсан ҳуқықларының тәмийинлениўи бойынша жәмийетлик қадағалаў орнатылды.

Миллий превентив механизм тек ғана қыйнаўларға қарсы гүресиў нәтийжелилигиниң кепили емес, ал халықаралық майданда елимиз абырайының жоқарылаўына хызмет ететуғын тийкарғы фактор болып та есапланады.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы