Россия Федерациясына  сапары шеңберинде  Өзбекстан парламенти жоқары палатасының басшысы Т.Норбоева ҒМДАға ағза мәмлекетлер Парламентлераралық Ассамблеясы Кеңесиниң мәжилисинде қатнасты.

Онда Ассамблея жумысына байланыслы бир қатар мәселелер, соның ишинде, шөлкемниң  2020-жылдағы жумысының нәтийжелери көрип шығылды.

Қатнасыўшылар ҒМДА Ҳүкимет басшылары Кеңесиниң  2020-жыл 6-ноябрьдеги  ҳәм ҒМДА мәмлекет басшылары Кеңесиниң  2020-жыл 18-декабрьдеги қарарлары ҳаққындағы  мәлимлемесин тыңлады. Бул мәлимлеме ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы Сергей Лебедев  тәрепинен усыныс етилди.

Сондай-ақ, Кеңес ағзалары  2021-жыл  27-28-май күнлери өткерилиўи режелестирилген IХ Нева халықаралық экологиялық конгресси ҳәм  2021-жыл  13-15-октябрь күнлери болып өтетуғын үшинши Евразия ҳаяллар форумына  таярлықтың барысын додалады. Парламент ағзалары быйылғы жылдың январь айында болып өткен сайлаў кампанияларын бақлаў нәтийжелерин ҳәм басқа да бир қатар мәселелерди көрип шықты.

Буннан тысқары, Ассамблея жанындағы Экономика бойынша экспертлик кеңесиниң жумысы, ҒМДАны  2030-жылға шекем экономикалық раўажландырыў стретегиясын әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар да көрилди.

ҒМДА мәмлекет басшылары Кеңесиниң гезектеги мәжилисин, анығырағы, ҒМДАның юбилей  саммитин Минскте өткериў режелестирилгени атап өтилди. 2022-жыл ноябрьде болса, ҒМДА ПА мәжилисин Өзбекстанда өткериўге келисип алынды.

 

ӨзА