Тахтакѳпир районы  «Белтаӯ» аӯыл пуқаралар жыйыны район орайынан 36 км қашықлықта жайласқан болып, бүгинги күни бул аймақ «Абат аӯыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында ири қурылыс майданына айланған.

Аймаққа барар екенсиз бул жерде 300-400 ден аслам адам, бир неше онлаған заманагѳй техника ҳәм механизмлер қызғын жумыс ислеп атырған қурылыс ҳәм абаданластырыӯ ислерине ерксиз кѳзиӊ түседи. Бурын кѳрениш тартқан аймақтыӊ социаллық объектлери, халықтыӊ турақ жайлары ҳәм кѳше-қыябанлары бүгин инсанлардыӊ қыялын урлайтуғын ѳзгеше түске енбекте. Әлбетте, бунда райондағы қурылыс-абаданластырыӯ мәкемелери менен бирге Ѳзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигине қараслы инженерлик-қурылыс батальонында ѳзиниӊ мүддетли әскерий-хызметин ѳтеп атырған әскерлер, Ѳзбекстан Тоғай хожалығы комитети, «Қарақалпақ электр тармақлары» кәрханасы хызметкерлериниӊ ислеген хызметлери айрықша болмақта.

-2000-2001-жыллары республикамызда жүз берген суӯсызлық ақыбетинде аймағымызда жасаӯшы халықтыӊ тѳрттен үш бѳлеги басқа жақларға кѳшип кетиӯге мәжбүр болған еди,-дейди «Белтаӯ» аӯыл пуқаралар жыйыны баслығы Мухтар Наӯрызбаев.- Мине арадан жыллар ѳтиӯи менен жыйын аймағы жаӊа жас хожалықлар толысып, халықтыӊ саны әдеӯир кѳбейип киятыр. Ҳәзир жыйынымыз бойынша үш елатлы пункт болып, онда 1100 ге шамалас халық жасап атыр. Республика ҳүкимети ҳәм район ҳәкимлигиниӊ аталарша ғамқорлығы нәтийжесинде быйыл аӯылымыз «Абат аӯыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилип, усы жыл басынан баслап бүгинги күнге шекем жыйын орайындағы 116 үйдиӊ 112 синиӊ шиферлары жаӊасына ѳзгертилип, сыртқы фасады ҳәм үй дѳгереклерине пардозлаӯ ҳәм абаданластырыӯ жумыслары жүргизилди. Сондай-ақ, 5,2 км аралықтағы электр линиялары жаӊа заманагѳй кабельлер, бетон бағаналарға ѳзгертилип, 2 жаӊа трансформатор қурылды. Соныӊ менен бирге 4,5 км аралықтағы ишки жолларымызға шағыл таслар тѳселип, 2 километрлик тротуарлар исленди ҳәм үйлерге 5,5 км ишимлик суӯ тармақлары тартылды. Бирлескен Миллетлер шѳлкеминиӊ биргеликтеги жойбары тийкарында ЭКОСымызға реконструкция жумыслары жүргизилип, суӯды душшыландырыӯшы заманагѳй үскене орнатып берилди. Халқымызға кѳрсетилип атырған ғамқорлықлары ушын барлық басшыларымыз ҳәм қолы гүл қурылысшыларымызға  шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Усы аймақ турғыны «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген Замира Тастыбаеваныӊ әкеси Турғанбай Тастыбаев буннан бир неше жыл бурын қайтыс болып, үйдиӊ кадастр ҳүжжетлери  әкесиниӊ атында қалып қойған еди.

-Жақында Замира Тастыбаева усы жайды  ѳзиниӊ атына ҳүжжетлестирип бериӯге жәрдем сорап, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ Тахтакѳпир районлық Халық қабыллаӯханасына мүрәжат еткен еди,-дейди қабыллаӯхана баслығы Бахыт Сәрсенбаева.-Бизлер оныӊ кем тәмийинленген шаӊарақ екенин есапқа алып, кадастр ҳәм нотариус тѳлемлерин тѳлеӯине жәрдем бердик ҳәм турақ жай Замираныӊ атына рәсмийлестирилип берилди.

-Турақ жайды атыма рәсмийлестирип бериӯге ҳәр тәреплеме жәрдем кѳрсеткени ушын  Халық қабыллаӯханасы баслығы ҳәм оныӊ хызметкерлерине шексиз миннетдаршылық билдиремен,-дейди Замира Тастыбаева.-Сондай-ақ, аӯылымыздыӊ күннен-күнге кѳркейип абаданласып барыӯы бизлердиӊ кеӯлимизди кѳтерип, шадлыққа бѳлемекте.

Ҳақыйқатында да жыйын аймағын аралап, ол жерде жасаӯшы халық пенен сәӯбетлесер екенбиз, олардыӊ кеӯиллеринде ертеӊги күнге деген үлкен исенимниӊ пайда болғанлығыныӊ гүӯасы боламыз. Бурынғы «Бѳршитаӯ» хожалығыныӊ ески мал фермасы, 13-санлы мектепке шекемги билимлендириӯ шѳлкеми, аӯыллық шыпакерлик пункти имаратларындағы қурылыс-оӊлаӯ жумыслары аймақта жаӊа жумыс орынларыныӊ жаратылыӯына тийкар жаратпақта.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги