Миллий баспасөз орайында 29-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары – Президенттиң Баспасөз хаткери Шерзод Асадов дәслепки брифингти өткерди.

Онда усы ҳәптеде Өзбекстан Республикасы Президенти қатнасатуғын халықаралық рәсмий илажлар ҳаққында жергиликли ҳәм сырт ел ҒХҚ ўәкиллерине қысқаша мағлыўмат берилди.

– Мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын ҳәм жәмийетимизде сөз еркинлигин тәмийинлеў Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың тийкарғы әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысының мине усы ашықлық сиясатынан келип шығып, енди сизлер менен усы форматта ушырасып турамыз,-деди Шерзод Асадов.

Илажда Венгрия Бас министри Виктор Орбан басшылығындағы делегацияның елимизге басланып атырған рәсмий сапары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, сапардың тийкарғы ўақыялары 30-март күни Көксарайда болып өтеди. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Венгрия Бас министри Виктор Орбан мәмлекетлеримиз арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин додалайды.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде Өзбекстан менен Венгрия қатнасықлары сапа жағынан жаңа – стратегиялық дәрежеге шығыўы күтилмекте.

Илажда сапар шеңберинде Ташкентте еки мәмлекет Исбилерменлер кеңеси биринши мәжилисиниң болып өткени мәлим етилди. Буннан тысқары, Самарқанд ҳәм Жиззақ ўәлаятларында экономикалық ҳәм жәмийетлик тараўларды модернизациялаў, соның ишинде, аўыл хожалығын санаатластырыў, экспорт потенциалын арттырыў бойынша Венгрия тәжирийбесин қолланыў мөлшерленген. Усы мақсетте Венгриядан жоқары қәнигели экспертлер топары да келген.

Брифингте усы ҳәптеде күтилип атырған және бир илаж – Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң рәсмий емес саммити ҳаққында да мағлыўмат берилди. Бул илаж  31-март күни Қазақстанның Түркистан қаласында болып өтиўи керек еди. Бирақ пүткил жер жүзиндеги эпидемиологиялық жағдай себепли болажақ саммит сол күни видеоәнжуман түринде өткериледи.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бул саммитте қатнасады ҳәм шығып сөйлейди.

Саммитте мәмлекет басшылары Түркий кеңестиң  2020-2025-жылларға мөлшерленген стратегиясы ҳәм басқа да ҳүжжетлерди додалаўы режелестирилген. Саммит жуўмағында Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң Түркистан декларациясының қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

Брифинг өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде алып барылды.

 

ӨзА