Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 23-26-февраль күнлери аралығында Беларусьтың Гомель қаласында 2002-2003-жылларда туўылған жаслар арасында спорттың бокс түринен А.Юковтың естелигине арналған халықаралық турнир болып өтти.

 

Турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында 52 кг салмақ категориясы бойынша қатнасқан жерлесимиз Мәдияр Дәнияров бүгин финалда Қазақстан Республикасынан болған қарсыласы Жандос Жумабаевтың үстинен толық жеңиске ерисип, халықаралық турнирдиң жеңимпазы болды ҳәм алтын медаль менен сыйлықланды.

 

Еслетип өтемиз, қарақалпақстанлы үмитли боксшы өзиниң биринши жекпе-жегин Беларусь Республикасы чемпионы Денис Беницевичке қарсы өткерип, толық жеңиске ерискени ҳаққында алдын хабар берген едик.

 

Спортшыны жарысқа Өзбекстан сайланды командасы тренерлери қатарында Беларусьқа барған жерлесимиз Ш.Айтбаев таярлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.