Гүрес республикамыздағы ең раўажланған спорт  түрлеринен бири болып табылады. Үлкемизде жетилисип шыққан палўанлар елимиздиң спорт абырайын қорғап, халық аралық жарысларда да мүнәсип қатнасқан.

Кең жазық Тахтакөпир даласы, анығырақ айтататуғын болсақ, Бөршитаў елатында туўылып өскен Султанның гүреске қызығыўшылығы шаңарағының жумыс бабы менен 1970-жылы Нөкис қаласына көшип келиўи себепши болған болса керек. «Болар бала бес жасынан белгили»,-дегениндей оның ҳәрекетинде усы пазыйлетлерди ўақтында аңлап жеткен ағасы Қыдырбайдың қызықтырыўы менен сол жылы орайлық спорт залдағы еркин гүрес секциясына қатнай баслады. Бул жерде белгили палўан, спорт тшебери Жақсымурат Мәмбетовтан гүрес сырларын жалықпастан үйрене баслады.

Устазларының көрсетпелерин булжытпай орынлап, өз үстинде көбирек ислеген жас палўанның тынымсыз изленислери унамлы нәтийжесин бере баслады. 1975-жылы Түркменстанның Ташаўыз ўәлаятында болып өткен ашық бириншиликте 52 килограмм салмақта сыйлы үшинши орынды ийеледи.

Усыннан баслап оның жеңиске деген умтылысы басланды. 1979-жылы «Спартак» ықтыярлы денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң бириншилигинде 1-орынды, Мийнет Қаҳарманы Х.Турсынқуловтың естелигине бағышланып өткерилген республикалық турнирде сыйлы  3-орынды,  1979-жылы «Буревестник» ықтыярлы денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң Өзбекстан бириншилигинде 3-орынды ийелеп, сол жылы Өзбекстан чемпионатында 2-орынды қолға киргизди. Келеси жылы Алмалық қаласында өткерилген Өзбекстан бириншилигинде ҳәм С.Муратовтың естелигине бағышланып өткерилген Бухара ўәлаяты атқарыў комитетиниң сыйлығы ушын өткерилген жарысларда финальға шекем жетип барды.  Сол жылдың ақырында ол бурынғы аўқам спорт шебери нормативин орынлады.

1982-жылы Алмалық қаласында Өзбекстан спартакиада ойынларының бағдарламасына муўапық өткерилген гүрес жарысында Султан Сулейманов финальға шекем жетип барды. Финальда өзиниң әзелий қарсыласы Ташкент ўалаятының палўаны  Лочин Шахбозовқа қарсы гилемге түсти. Беллесиў ҳәр қашанғыдай кескин жағдайда өтти. Гүрестиң тамамланыўына санаўлы минутлар қалғанда Лочин 3-2 есабында алдында баратырған еди. Бирақ сонша күш сарпланыўына қарамастан Султан әжайып әмел қолланып, еки упайды қолға киргизди. Усы жеңиси ушын ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Нөкис қаласындағы Әжинияз атындағы мектепти питкергеннен кейин Нөкис мәмлекетлик университетиниң денетәрбия факультетине оқыўға кирди.

Буннан кейин С.Сулейманов 1984-жылы Өзбекстан чемпионы, 1985-жылы «Меҳнат» ықтыярлы денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң Өзбекстан бириншилигинде 1986-жылы «Буревестник» ықтыярлы денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң Өзбекстан бириншилигинде, 1990-жылы Бухарада өткерилген спартакиада оның ушын әўметли келип, жеңимпаз болды. Сол жылы Душанбе қаласында болып өткен бурынғы аўқам кубоги жарысында үшинши орынды ийелесе, 1993-жылы елимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейинги биринши мәрте өткерилген Өзбекстан чемпионатында сыйлы екинши орынды қолға киргизди. Сапалақ палўанның естелиги ушын өткерилген жарыста өз салмақ категориясында биринши орынды ийеледи.

1982-1984-жыллары әскерий хызметте болды. Өзиниң азаматлық миннетин орынлап жүрип те көплеген жарысларға қатнасты. Дзюдо гүреси бойынша Түркистан әскерий округиниң бириншилигинде жеңимпаз болды. Соның менен бирге, самбо ҳәм миллий гүреслерде де ол үлкен жыйынларда атақлы палўанлар – хорезмли Даврон, Равкат, Ташаўызлы Турсын орыс, Баҳадыр, Алишер,  республикамыздан Жалғас Ҳәбипназар, Танаберген, Әдилбай сыяқлы белгили палўанлар менен  гүрес тутқан.

Әскерий хызметтен келгеннен кейин жасларға гүрес сырларын үйретип, тренерлик етти. Мийнет жолын «Пахтакор» ықтыярлы денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң тренери болып ислеўден баслаған болса, кейин ала Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетине қараслы жәмийетине қараслы 3-санлы спорт мектебинде директор,  Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң тренери, соңынан директор лаўазымларында жемисли мийнет етти. Усы дәўир ишинде бир қанша шәкиртлер таярлады. Оның шәкиртлери республикалық, Өзбекстан көлеминде ҳәм халықаралық жарысларда сыйлы орынларды ийеледи.

Қай жерде ислемесин спорттан қол үзбеди. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы «Кураш» федерациясының атқарыўшы директоры лаўазымында ислеген пайытларда Қарақалпақстан Республикасының палўанлары бир қанша жетискенликлерге ерисип, атап айтқанда, Жәҳән чемпионаты, Азия ойынлары ҳәм Халықаралық турнирлерде жеңипаз болыўына, соның менен бирге Қарақалпақстан Республикасы турнирлерин шөлкемлестирип Нөкис қаласында Президентимиздиң сыйлығы, Сапалақ палўан, Сатыпалды Мылтықбаевлар атына өткерилген ҳәм басқа да жарысларды өткериўде жанкүйерлик көрсетти.

Усы ислеген мийнетлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан 2001-жыл екинши мәрте «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланған.

-Султан кишкене ўақытларынан баслап өзиниң шаққанлығы менен көзге түсти,-дейди дәслепки устазы, белгили палўан Жақсымурат Мәмбетов.-Усының нәтийжесинде устазларының исенимин ақлап, еркин гүрес, самбо, дзюдо ҳәмдемиллий гүрес түрлеринен көплеген жарысларда жеңимпаз болды. Өзи де тәжирийбели устаз болып жетилисти. Бундай шәкиртиң менен қанша мақтаныш етсең де арзыйды.

Белгили палўан, тәжирийбели устаз, меҳрийбан әке Султан Сулейманов бүгинги күни Нөкис қаласындағы 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби директорының орынбасары болып ислеп келмекте. Өмирде жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззет көрсетиў сыяқлы адамгершилик пазыйлети,  спортта қолға киргизген айтарлықтай жеңислери, көплеген шәкиртлери, бахытлы шаңарағы менен халқымыз арасында айрықша сый-ҳүрметке ийе болып жасап келмекте.

 

Серик ЖҮСИПБЕКОВ,

Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары шеберлик спорт мектебиниң инструктор-методисти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги