Пайтахтымыздағы Нөкис олимпиада резервлери колледжинде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» на бағышланып спорттың жүзиў түри бойынша 2007, 2008, 2009, 2010, 2011, 2012 жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты өткерилди.

 

 

Спортшылар жас категорияларына қарай 50-100-200-400 метр аралыққа еркин, арқада, брасс, баттерфлай ҳәм комплексли жүзиў усылларында өз-ара беллести.

 

 

Чемпионат жуўмағында жас категориялары бойынша С.Файзуллаева, У.Азатбаева, Н.Сапарбаева, А.Орынбасаров, С.Оразбаева, Р.Амангелдиев, Р.Ильясов, Ш.Адилбаева, Ш.Медетбаева, И.Бақадиров, Г.Оңалбаева, А.Азатов, А.Алпысбаева, А.Дәлибаева, Е.Өтениязов, С.Якупова, Д.Стакенко, Ж.Атажанов ҳәм А.Алпысбаевалар биринши орынды ийелеп, Қарақалпақстан чемпионы болды.

 

 

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

 

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Cүўретлер М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген