БАСПАСӨЗ КОНФЕРЕНЦИЯСЫ

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўге байланыслы қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм оларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

 

 

 

Суў хожалығы министри Ж.Узақов ҳәм басқа да қәнигелердиң атап өткениндей, Президентимиздиң өткен жылдың 2-октябрьдеги республикамызға сапары ўақтында барлық тараўлар сыяқлы суў хожалығы жумыслары бойынша да сын пикирлер билдирип, аймағымызда суў хожалығын раўажландырыў бойынша қарар жойбарын ислеп шығыў тапсырмасы берилген еди. Министрлик, район ҳәкимликлери ҳәм басқа мәпдар шөлкемлер менен биргеликте қарар жойбарына киргизилетуғын объектлер үйренилди. Ири магистрал каналлар ҳәм мелиорация тармақларынан тартып, төменги система, фермерлердиң ишки суўғарыў тармақларына шекем оңлаў-тиклеў жумыслары ҳәм оның қаржылай дәреклери жойбарға киргизилди.

Президентимиздиң тараўға болған итибары ҳәм қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде өткен жылдың өзинде суў хожалығына байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Соның ишинде, Президентимиздиң 2020-жыл 10-июньдағы «Өзбекстан Республикасында Суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында суў хожалығын раўажландырыў копцепциясының қабыл етилиўи, соңғы он жылға тараўдың келешегин белгилеп бериўши ҳүжжет болды, десек асыра айтқан болмаймыз. Оның әҳмийетли бағдарлары ҳәм тийисли дәўирге мөлшерленген мақсетли параметрлери және көрсеткишлеринен келип шығып, суў хожалығын раўажландырыўдың концепциясы ислеп шығылмақта.

 

 

Усы концепцияға муўапық ҳәр бир аймақтың өзгешелигинен келип шығып, Президентимиздиң қарарлары қабыл етилмекте. Соның ишинде, республикамызда суў хожалығын раўажландырыўға қаратылған өткен жылы Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул тек суўшылар ямаса фермерлер ушын емес, республикамыз халқының тәғдирине байланыслы әҳмийетли ҳүжжет болды.

Елимиз басшысының басламасы менен 2018-жылы Суў хожалығы министрлигиниң қайта шөлкемлестирилиўи менен бул бағдарда кең көлемли жумыслар басланды. Атап айтқанда, жоқарыдағы қарарға муўапық ишки каналлар менен мелиорация объектлеринде реконструкция жумыслары баслап жиберилди. Қарарда ҳәм Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында быйылғы жылы суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилетуғын жер майданлары 5 есеге көбейтилетуғыны атап өтилди.

 

 

Суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў әдеўир қаржыны талап етеди. Солай екен, бул жаңа технология орнатылатуғын ҳәр бир гектарға шама менен 20-22 миллион муғдарда кредит қаржысы ҳәм белгили муғдарда егинниң түрине қарай субсидия ажыратылыўы белгиленген. Мәселен, өткен жылы  республикамызда суўды үнемлеўши технологияларды енгизген фермер хожалықларына 1 миллиард 400 миллион сум субсидия ажыратылды. Фермер хожалықлары ҳәм кластерлер тәрепинен «Жиззақпластмасса» заводы менен шәртнама дүзилип, 80  комплект ийилиўшең қубыр алып келинди. Олардың жәрдеминде 3 мың 200 гектардағы аўыл хожалығы егини суўғарылды.  Бул усылда оқ қарықларда сарпланыўы мүмкин болған 4,9 миллион метр куб суў муғдарын үнемлеўге ерисилди.

 

 

Жоқарыдағы қарар менен республикамыда быйылғы жылы 14 мың гектар майданда тамшылатып суўғарыў  технологияларын енгизиў белгиленген. Әлбетте, бул үлкен реже. Республикамызда бундай технологияларды ислеп шығаратуғын кәрхана жоқ еди.  Ҳәзирги ўақытта бул бағдарда бир қатар жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Жақында «Аркавой мелиоратор» ЖШЖ тәрепинен бирге ислесиўшилердиң жәрдеминде суўды үнемлеўши технологияларды ислеп шығарыўға қәнигелестирилген биринши кәрхана иске түсирилди. Ҳәзирше биринши линиясы иске түсирилип, тамшылатып суўғарыў ленталарын ислеп шығарыў жолға қойылды.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги өз имканиятларынан келип шығып бул бағдардағы кәрханаларды көбейтиў бойынша жойбарларды қоллап-қуўатламақта. Атап айтқанда, министрликтиң өндирислик ҳәм механизация базасы имаратында «ECODRIP NUKUS» жуўапкершилиги шекленген жәмийети кәрханасының жумысын жолға қойыў режелестирилмекте.

 

 

Министрликке қараслы кәрханаларда суўды үнемлеўши технологияларды орнатыўға көмеклесиўши сервис топарлары шөлкемлестирилмекте. Олар жерлерди жойбарлаў, суў алып келиў ҳәм ҳәўиз тындырғышларды қурыў, насос агрегаты, монтажлаў, электр узатыў линияларын қурыў, бас ҳәм тарқатыўшы қубырларды, тамшылатыўшы шлангаларды монтажлаў сыяқлы жумысларда фермерлерге сервис хызметлерин көрсетеди. Соның менен бирге, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша районларда тийисли қәнигелердиң қатнасыўында семинарлар өткерилмекте.

Баспасөз конференциясында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.