Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында спорттың миллий гүрес түри бойынша факультетлер арасында «Ректор кубогы» жарысы болып өтти.

Жарысты институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм Өзбекстан Кураш ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры С.Жүсипбеков ашып берди ҳәм қатнасыўшыларға табыслар тиледи.

 

«Ректор кубогы» жарысы улыўма 15 салмақ категориясында ер жигитлер ҳәм қызлар арасында өткерилди және жеңимпазлар анықланды.

Жеңимпазларды сыйлықлаў илажында институт ректоры Б.Отемуратов институт тәрепинен 1-, 2- ҳәм 3-орын жеңимпазларына сәйкес түрде базалық стипендияның 1,5 есеси, 1 есеси ҳәм ярым есеси муғдарларында стипендия берилетуғынлығын мәлим етти. Сондай-ақ, усындай жарысты тек ғана институт көлеминде өткерип қоймастан, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары студентлери арасында да даўам еттириў бойынша усыныслар билдирилгенин атап өтти.

 

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом ҳәм медальлар тапсырылды.

Жарыс жуўмақларына муўапық, улыўма командалық есапта дене мәденияты факультети 1-орынды ийелеп, «Ректор кубогы» жеңимпазы болды.

 

2-орын физика-математика факультети ҳәм 3-орын шет тиллери факультетине несип етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.