Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Жәҳән саўда шөлкеминиң бас директоры Нгози Оконжо-Ивеалаға бул жоқары ҳәм жуўапкершиликли лаўазымға тайынланғаны мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң хатында жаңа бас директор басшылығында бул шөлкемниң орны ҳәм абырайын арттырыў бағдарындағы нәтийжели реформалардың әмелге асырылатуғынына және глобал кризисти сапластырыў ҳәм халықаралық саўда қатнасықлары системасын буннан былай да раўажландырыў бойынша тәсирли илажлар көрилетуғынына исеним билдирди.

Мәмлекетимиз тез пурсатта ЖСШға ағза болыўы мәселесинде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

 

ӨзА