Усы жыл 17-февраль күни И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде белгили дизайнер Айзада Нурымбетованың «Қыялларда шегара болмас» атамасында көргизбеси өткерилди.

Көргизбеде шығып сөйлегенлер А.Нурымбетованың кийимлер үлгисин жаратыўдағы излениўшеңлиги, кийим тигиў шеберлиги, халқымыздың өзине тән миллий өзгешелигин сырт еллерде өткерилип атырған көргизбелерде көрсетип атырғанлығы ҳәм онда ерискен жетискенликлерин кең түрде атап өтти.

Көргизбеде  халқымыз ҳаял-қызларының  миллий кийимлериниң үлгилери, сондай-ақ, кишкене қызлардың бир неше түрдеги заманагөй үлгидеги топламлары орын алды.

 

 

 

Дизайнер көргизбеде көрсетилген миллий кийимлер топламларының барлығы музейде сақланып атырған ҳақыйқый үлгилер ҳәм нағыслар бойынша исленип, онда устазы Айгүл Пирназарованың мәсләҳәти тийкарында жаратылғанлығын айрықша атап өтти.

– Айзада Нурымбетова қарақалпақ миллий кийимлерин заманагөй үлгиде нағыслар менен кестелеп, қайта тигип, көпшиликтиң нәзерине усынбақта. Айзаданы отыз жылдан берли таныйман. Ол тарийх пәни муғаллими болып ислегенликтен, халқымыздың тарийхына, көркем өнерине қызығыўшылығы жоқары, – дейди музейдиң  этнография бөлиминиң баслығы А.Пирназарова. -Дизайнердиң көргизбелер топламы тек ғана елимизде ғана емес, ал, сырт еллерде өткерилип атырған көргизбелерде қатнасып, халқымыздың өзине тән өзгешелигин  нағысларда сәўлелендирип, кийимлер арқалы кең жәмийетшиликке көрсетилмекте. Бул көргизбе миллий халық өнери үлгилерин қайта тиклеўге үлес қосып атырған белгили дизайнер А.Нурымбетованың  еле де бул бағдарда жумысын даўам етиўине тийкар болады.

 

 

 

 

 

 

 

Көргизбе қатнасыўшыларына  жас өзгешелигине қарап жас қыз-келиншеклер, кәйўаны апалар, кишкене қызлардың миллий кийимлер топламы көрсетилди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы