Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

«Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық:

1.Шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳәм шақырылыўдан азат етилиў ҳуқықына ийе болмаған Өзбекстан Республикасының шақырыў жасындағы пуқаралары 2021-жылдың март-апрель айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылысын.

Әскерий хызметке жарамлы, соның ишинде шеклеўлер менен жарамлы болған және шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳәм шақырылыўдан азат етилиў ҳуқықына ийе болмаған, бирақ бул шақырыў дәўиринде Қураллы Күшлер қатарына шақырылмайтуғын пуқаралар мобилизациялық шақырыў резервиниң хызметине алынсын.

2.Мүддетли әскерий хызметтиң белгиленген мүддетин өтеп болған әскерий хызметкерлер 2021-жылдың март-апрель айларында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери резервине босатылсын.

3.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 11-февраль