Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында ишки ҳәм зыярат туризмин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Оған бола, ата-аналар, туўысқанлар, кекселер ҳәм устазлар менен биргеликте саяхат етиўди нәзерде тутыўшы бес жумыс күнинен аз болмаған «шаңарақлық саяхат дем алысы» системасы енгизиледи. Онда, «шаңарақлық саяхат дем алысы» жыллық тийкарғы дем алыс есабынан бериледи ҳәм жәмәәтлик шәртнамаларға муўапық жумыс бериўшиниң келисими менен әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги