Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-февраль күни Аўғанстан Ислам Республикасының делегациясы – мәмлекеттиң сыртқы ислер министри Муҳаммад Ҳаниф Атмар ҳәм Президент Администрациясының басшысы Муҳаммад Шокир Коргарды қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы ушырасыўды баслар екен, еки тәреплеме қатнасықлардың бүгинги пәтин сақлап қалыў ҳәм жоқары дәрежеде бурын ерисилген келисимлерди әмелге асырыў әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.
Аўғанстан делегациясының ағзалары Өзбекстан Президентине көрсетилген қызғын қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирип, Аўғанстан Президенти Ашраф Ғанидиң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған исенимли ҳәрекетлери ушын терең миннетдаршылық билдирилди.
Ташкент қаласында жетекши халықаралық финанслық институтлар басшыларының қатнасыўында өткен Трансаўған темир жолын қурыў жойбары бойынша үш тәреплеме жумысшы топардың биринши мәжилисиниң нәтийжели жуўмақлары жоқары баҳаланды.
Тәреплер бул жойбарды тез пурсатта таярлаў ҳәм әмелге асырыўды баслаў, қабыл етилген «жол карта»сы тийкарында сырт елли шериклер ҳәм потенциаллы инвесторларды жедел тартыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Буннан тысқары, ушырасыўда көп қырлы Өзбекстан-Аўғанстан бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли маселелери көрип шығылды.
Бул бағдарда сөз болғанда, бәринен бурын, товар алмасыў көлемин арттырыў ҳәм оны жақын жылларда кеминде 2 миллиард долларға жеткериў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм логистика тараўларында кооперацияны күшейтиў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында әҳмийетли бағдарламаларды әмелге асырыўды атап өтиў зәрүр.
Ушырасыўда жоқары дәрежедеги болажақ илажлар ҳәм пикирлесиўлердиң режеси де көрип шығылды.
ӨзА