Усы жыл 27-январь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында илимий кеңес болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Кеңести филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты, доцент А.Аяпов басқарып барды.

Онда оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Ж.Шаниязов шығып сөйлеп, студент-жаслардың теориялық ҳәм әмелий жақтан билим ҳәм көнликпелерин арттырыўда оқыў лаборатория ханаларын еле де жетилистириў кереклиги бойынша атап өтти. Буннан соң, Мониторинг ҳәм ишки инспекция методисти Ш.Дощанов Президентимиздиң қарар ҳәм пәрманлары, сондай-ақ, Министрлер Кеңеси, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинен келген қарар, буйрықлар ҳәм басқа да норматив ҳүжжетлердиң өз ўақтында орынланыўы бойынша тоқтап өтти.

Соңынан, Жаслар менен ислесиў, руўхый-ағартыўшылық бөлими баслығы О.Қдырниязова «Пуқаралық позициясын жетилистириўдиң руўхый-ағартыўшылық факторлары» атамасында баянат жасады.

Өткерилген илимий кеңесте оқыў лаборатория ханалары, олардың тийисли әсбап-үскенелер менен тәмийнлениўи, бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж соңында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги