Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 22-декабрь күни елимиз тарийхында биринши мәрте Олий Мажлиске Мүрәжат хатын усынды.
Ташкент қаласындағы Симпозиумлер сарайында болып өткен әнжуманда Олий Мажлис Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, Министрлер Кабинети, министрликлер менен ведомстволардың басшылары, дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлер ўәкилханаларының ўәкиллери, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң белсендилери қатнасты. Мәжилисти видеоконференция байланыс системасы арқалы районлардағы, қалалар менен ўәлаятлардағы жергиликли кеңеслердиң депутатлары, барлық буўындағы атқарыўшы ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының басшылары, елимиздиң шет еллердеги елшилери бақлап барды.
Мүрәжат хатында 2017-жылы әмелге асырылған тийкарғы жумыслардың жуўмағы ҳәм Өзбекистан Республикасын 2018-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары өз сәўлелениўин тапты.
Мүрәжат хатының концепциясы 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық дүзилген. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, экономиканы раўажландырыў ҳәм либералластырыў, социаллық тараўды раўажландырыў, қәўипсизликти, миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў және сыртқы сиясат тараўындағы тийкарғы бағдарлар сыяқлы бес бөлимде усы тараўларда әмелге асырылған жумыслар ҳәр тәреплеме баян етилди.
Мүрәжат хаты көлеми жағынан да, мазмуны жағынан да жүдә кең. Оның мазмун-мәнисинде бир принцип «қызыл жип» болып өтеди. Ол да болса, халық мәпи, халыққа хызмет етиў, халықты ҳүрметлеў!
Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет ететуғын, олардың жумысына халық баҳа беретуғын система жаратылды. Елимиздиң турмысына байланыслы қарарлар халқымыз бенен тиккелей пикирлесиў, адамлардың арзыў-нийетлери тийкарында қабыл етилмекте. Барлық дәрежедеги басшылар халық алдында есап бермекте.
Бул Мүрәжат хаты мәмлекетимиз басшысының жуўмақланып атырған жыл бойынша халқымыз алдындағы өзине тән есабы да болды. Сондай-ақ, Мүрәжат хатында елимизди келешекте ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди. Бир қанша нызамшылық басламалары алға қойылды.
Мәмлекетимиз басшысының усынысы менен жаңа – 2018-жылға елимизде Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп атама берилди.
Илаж ашық-айдын ҳәм шын кеўиллилик руўхында өтти. Президентимиз халқымызды қыйнап атырған, раўажланыўымызға тосқынлық етип атырған көплеген машқалалар ҳаққында ашық-айдын сөз етти. Бәлентпәрўаз сөзлер, жасалма санлар емес, ашшы болса да, ҳақыйқый көрсеткишлер айтылды. Алдын бақланбаған бундай мәртлик ҳәм исеним адамлардың исенимине, ҳүрметине ийе болды.
Ўақытлар өтеди. Президентимиздиң бул Мүрәжат хаты заманагөй мәмлекетшилигимизге үлкен өзгерис жасаған тарийхый шығып сөйлеген сөз болып қалады.
Анвар САМАДОВ,
ӨзА ның хабаршысы