Мүнәсибет

Ҳүрметли Президентимиздиң ҳәр жылы парламентке Мүрәжат пенен шығыўы дәстүрге айланды. Пүткил Өзбекстан  халқы  бул  Мүрәжатты үлкен қызығыўшылық ҳәм жақсы үмитлер ҳәм нийетлер менен күтеди.

Мүрәжатта билдирилген ҳәр бир усыныс, баслама, аналитикалық шешим келешекке бағдарланған болып, мәмлекетимиздиң, он жыллық тәғдирин шешетуғын күшке айланады десек, асыра айтқан болмаймыз. Ең әҳмийетли мәселелерге тоқтаў менен бирге, бизлерди, тез арада шешиўимиз тийис болған машқалаларды оптимистлик руўҳ пенен шешиў ушын ҳәрекет етиўге шақырады. Мүрәжатта қамтып алынған медицина, билимлендириў, исбилерменлик, экономикалық ҳәм т.б. системаларды раўажландырыў бойынша билдирилген идеяларды табыслы әмелге асырсақ, ҳәр бир тараўда нәтийжели динамиканы көриўге болады.

Ҳаяллар ҳәм жаслар дәптери бул заман зәрүрлиги. Олар менен системалы ҳәм мәнзилли жумыслар жолға қойылады. Яғный, бул система тийкарында жумыссыз жаслар менен ҳаял-қызларда кәсиплик көнликпелерди пайда етиў,  психологиялық,  ҳуқықый,  медициналық ҳәм финанслық жәрдем бериў мүмкин.  Мәселен, әдиллик бөлимлери арқалы бийпул  ҳуқықый  мәсләҳәтлер бериў жолға қойылады. Жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳәкимниң инвестиция бойынша орынбасары, район (қала)лық бәнтлик бөлими, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайы, Бас ўәзир қабыллаўханалары ҳәм банклердиң  ең әҳмийетли ўазыйпасы етип  белгиленди.

Мен  ойлайман, бундай итибар, әлбетте, өз нәтийжесин береди. Және бир айтып кететуғын нәрсе, бул жерде МПЖ комиссиясы тәрепинен дүзилген комиссия қурамының әдалатлы жумыс алып барыўы да жүдә  әхмийетли орын тутады.

Мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында бала туўылғаннан баслап, 30 жасқа шекемги дәўирде оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғын, турмыста мүнәсип орын табыўы ушын жәрдем беретуғын, бир пүтин ҳәм тутас система жаратылады. Бизлер жаратылып атырған барлық имканиятлардан жасларымыз дурыс ҳәм утымлы пайдаланып, халқымыздың мүнәсип перзентлери болатуғынына исенемиз.

Себеби, ҳәзирги заманымыз жасларының ақыл-ойы, минез-қулқы турақлы сиясий ҳәм экономикалық шараятта қәлиплеспекте.

Кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы жумысларды жетилистириўде Президентимиз стандарт емес усыллардан  пайдаланыў жолларын енгизиўди усыныс етти.   2021-жылдың март айынан баслап халықтың минимал тутыныў қәрежетлериниң муғдарын белгилеў,  жумыссызлық напақасын 3 есе  арттырыў айтылды. Мәмлекетте азық-аўқат өнимлериниң баҳасы қымбатлап кетиўине жол қойылмайды, бул мәселе бәрқулла Президент бақлаўында болады.

Мүрәжатта жергиликли атқарыў уйымлары, ўәкиллик уйымлары және мәҳәллениң институционаллық тийкарларын және де жетилистириў бойынша анық мақсетлер белгиленип өтилген.

Мәҳәлле барлық ўақытта халық пенен тығыз байланыста болатуғын ең әҳмийетли структура. Себеби, мәҳәлле дегенде көз алдымызға шаңарақ келеди.  Ҳәр бир шаңарақтың тыныш, парахат, татыў, саламат турмыс кешириўинде мәҳәллениң роли үлкен. Шаңарақтағы машқалалар  әсиресе,  ҳаял-қызлардың  машқалаларын өз ўақтында анықлаў, жәрдемге мүтәж болған  ямаса аўыр социаллық жағдайларға түсип қалған, өмирден адасқан  пуқараларға  жәрдем көрсетиў олардың баслы ўазыйпасы.

Сонлықтан да, пуқаралар жыйынлары баслықларының ҳәм ол жерде ислейтуғын хызметкерлердиң инсаныйлық  пазыйлетлери,  олардың  ҳадаллығы, билими, мәртлиги, адамгершилиги, кишипейиллиги ҳәм пәклигинен сол жерде жасайтуғын пуқаралардың тәғдири шешилиўи мүмкин.

Соның менен бирге өзин-өзи басқарыў уйымлары халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалардың әмелге асырылыўын тәмийинлеўши фактор хызметин атқарады.

Бир сөз бенен айтқанда, Мүрәжаттағы ең тийкарғы аспект  бул – халықтың турмыс абаданлығын турақлы сақлаў менен биргеликте идеал тәризде үйлесикли күшли қүдиретли мәмлекет болып қалыў.

 

 Зульфия Сейтниязова,

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы Республика Мәлимлеме-ресурс орайының директоры,

Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги