Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академикалық Үлкен театры аймағында ашық аспан астындағы муз майданының салтанатлы ашылыўы болып өтти.

Бул тәкирарланбас жойбар Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Ташкент қаласы ҳәкимлиги Мәденият министрлиги ҳәм оның жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры және «Art Uz Promotion Agency», сондай-ақ, «Saxovat», «Weber» саўда белгилери менен биргеликте өткерилмекте.

Жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет халықтың арасында саламат турмыс тәризин және спортты кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат болып есапланады.

Аўыр пандемия шараятына қарамастан, халықтың кеўилли дем алыўы, кейпиятын көтериў бағдарында көплеген жумыслар алып барылмақта. Бул процессте белгиленген карантин қағыйдалары ҳәм талапларына қатаң әмел етиў, аралықты сақлаў, ашық аспан астындағы илажларды өткериўге үлкен әҳмийет қаратылмақта.

Қысқа пурсатта қурып питкерилген бул муз майданшасы ҳаўаның температурасы +15 дәрежеге шекем болған шараятта да ислеўи мүмкин. Алдынғы технологиялар тийкарында қурылған муз майданы арнаўлы суўытыў-музлатыў технологияларына тийкарланғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Енди бул жерде бир ай даўамында балалар ҳәм жасы үлкенлер ҳәз етип конькиде сырғанаўы, түрли қызықлы музыкалы фестивальлар, дөретиўшилик таңлаўлар,шоу-бағдарламалардан заўық алыўы мүмкин.

…Суўық болыўына қарамастан Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академикалық Үлкен театрына тутас майдан адамлар менен толы. Жағымлы нама сеслери ҳәўиж алған. Усы арқалы суўық адамлардың тилеги, заўқы, шадлығы алдында жеңилгендей.

Илаждың ашылыўында сөзге шыққан Ташкент қаласының ҳәкими Жаҳонгир Ортиқхўжаев бундай муз майданы пайтахт тарийхында биринши мәрте шөлкемлестирилгенлигин атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Туризмди  раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимовтың қутлықлаўы оқып еситтирилди. Онда атап өтилгениндей, мәмлекетимизде халқымыздың жақсы дем алыўы, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бағдарында көплеген әмелий жойбарлар турмысқа кеңнен енгизилмекте.

Илажда әжайып музыкалық бағдарлама менен бирге россиялы фигуралы ушыў устасы Алексей Ягудинниң қатнасыўындағы бағдарлама тамашагөйлердиң итибарына усынылды. А.Ягудин төрт мәрте жәҳән, үш мәрте Европа чемпионаты, еки мәрте фигуралы ушыў бойынша халықаралық жарыс финалы Гран-присының сыйлы орын ийеси болып есапланады. Оның атқарыўындағы «Қыс» атамасындағы көркем бағдарлама тамашагөйлердиң кеўилинен шықты.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде спорттың бул түри де раўажланыў басқышына кирмекте. Фигуралы ушыў бойынша жас спортшылардың  көркем шығыўларында бул және бир мәрте өзиниң айқын көринисин тапты.

Қала орайындағы  муз майданы бир ай мүддетке орнатылған. Бул ўақыт ишинде ашық аспан астындағы муз майданында бир қатар мәдений-кеўилашар ҳәм спорт илажлары өткериледи. Атап айтқанда, « Dance Music Fest Winter », « Iosis Fest », « Tashkent Rap Festival » музыкалы фестивальлар, сондай-ақ, хоккей бойынша жас өспиримлер чемпионаты, муз үстинде аяқ ойыны шоусы сыяқлы илажлардың өткерилиўи режелестирилген.

Соның менен бирге шөлкемлестириўшилер тәрепинен фудкорт зона хызмети жолға қойылып, онда пайтахтымыздың тез аўқатланыў, кондитерлик ҳәм кофе  брендлери жумыс ислейди. Майдан алдында шана ҳәм басқа да ушыў аксессуарларының ижара пункти хызмети жолға қойылады.

Ашық аспан астындағы муз майданының ашылыўы шын мәнисинде спорт, саламатлық байрамына айланды.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы